Елимизде мийнеткеш, кеңпейил халқымыз, биринши гезекте, ҳаял-қызларымыз ушын еркин, абат турмыс қурыў – мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң ең баслы ўазыйпасы етип белгиленген. Соның ишинде, «Өзбекстан – 2030» стратегиясы шеңберинде ҳаял-қызлардың сиясий, жәмийетлик, экономикалық белсендилигин арттырыў, аналық ҳәм балалықты қорғаў, гендер теңликти енгизиў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Усы мақсетте, бәринен бурын, миллий нызамшылығымыз жетилистирилип, апа-қарындасларымыз ушын және де кеңнен имканиятлар жаратылып берилмекте. Буның көринисин бир ғана мысал, яғный, сайлаў кодексинде депутатлыққа талабанлардың кеминде 40 проценти ямаса ҳәр 5 талабаннан екеўи ҳаял-қыз болыўы зәрүр екени беккемлеп қойылғанында айқын көриў мүмкин. Себеби, мәмлекетимизде нызамшылықты беккемлеў, қабыл етилип атырған нызамларымыздың әдил ҳәм тәсиршең болыўында олардың да, әлбетте, үлеси үлкен.
Өзбекстанда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли кеңеслер депутатларының сайлаўында да республикамыздың ҳаял-қызлары белсендилик пенен қатнаспақта.
Барлық орынларда сайлаўшылар ушын қолайлы шараятлар жаратылған болып, шаңарақ ағзалары менен даўыс берип атырған пуқаралар саны көпшиликти қурамақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги