Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатларды сайлаў  Мойнақ районында да қызғын даўам етпекте.

Район турғынлары таң азаннан сайлаў участкаларына келип,  өзи қәлеген талабанларды депутатлыққа сайлаўға ҳәм сиясий партияға даўыс бериўге белсене қатнаспақта.

Районда 18 сайлаў учаскасы шөлкемлестирилген болып, жәми 15861 пуқараның даўыс бериўи күтилмекте. Соннан, 308 пуқара мүддетинен алдын даўыс берген.

– Мен Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында оқып атырман. Сайлаўда даўыс бериў ҳуқықымнан пайдаланыў мақсетинде аўылыма келип, район орайындағы 377-сайлаў участкасында болып, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатларды сайлаўға қатнастым ҳәм  мүнәсип, деп билген талабанларыма ҳәм сиясий партияға даўыс бердим,-дейди А.Автоматова. – Сайлаўға қатнасқанымнан ҳәм биринши мәрте даўыс берип атырғанымнан қуўанышлыман.

Еслетип өтемиз, сайлаўда даўыс бериў саат 08:00ден 20:00ге шекем өткериледи.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги