Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлим китапханасында Қорғаныў министрлиги ветеранларының бир топар мүддетли әскерлер менен “Ветеранлар ибраты” атамасындағы дөгерек сәўбети болып өтти.

Жасларды ийгиликли әмеллерге шақырыўшы, ақыл-нәсиятлары менен дурыс жол көрсетиўши жасы үлкенлерге ғамхорлық етиў, иззет-ҳүрмет көрсетиў шығыс халықларына тән пазыйлетлердиң бири.

Шынында да, ҳәр қандай шаңарақтың жасы үлкенлери бар болса, бул шаңарақты ырысқы-несийбеси мол шаңарақ ретинде қараўға болады. Армия қатарында узақ жыллар даўамында хызмет етип, халықтың тынышлығын ҳәм парахатшылығын тәмийинлеў жолын басып өткен Қураллы Күшлер ветеранлары да бүгин жас әскерлер менен билим ҳәм тәжирийбелерин ортақласпақта.

Гезектеги ушырасыў да әскерий ветеранларға көрсетилген жоқары сыйласықтың айқын үлгиси болды.

Китапханадағы дөгерек сәўбетинде ветеранлар хызмет жылларындағы қыйыншылықлар ҳәм ерисилген жетискенликлери ҳаққында мағлыўмат берди. Жаңа Өзбекстанда алып барылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм жаслар ушын жаратылып атырған мүмкиншиликлер атап өтилип, жасларға усы мүмкиншиликлерден утымлы пайдаланыў бойынша баҳалы мәсләҳәтлерин берди.


Илажда қатнасыўшылар “Қарақалпақстан үш әўлад нәзеринде” атамасындағы китап-альбом менен танысты.

Бул китап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 33 жыллығына арналған болып, Өзбекстан Республикасы Прокуратурасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының басламасы менен баспадан шығарылған. Китап-альбомда Қарақалпақстан Республикасында соңғы жылларда әмелге асырылып атырған басқышпа-басқыш реформалар, әсиресе, ерисилген табыслар ҳәм түрли тараўлардағы кең көлемли жумыслар үш әўлад ўәкиллери нәзери менен көрсетилип, гүрриң етиўши мағлыўматлар ҳәм фотосүўретлер орын алған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги