Қарақалпақ халқының уллы классик ҳәм лирик шайыр Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы елимизде кең түрде белгиленип, шайырдың дөретиўшилигине арналған әдебий кешелер орынларда даўам етпекте.
Әжинияз атындағы НМПИ академиялық лицейинде өзбек тили ҳәм қарақалпақ тили кафедрасы оқытыўшылары тәрепинен Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен «Бул дүньяның көрки адам баласы» атамасында әдебий кеше шөлкемлестирилип, көтериңки руўхта өткерилди.
Әдебий кешени академиялық лицейдиң директоры Қ.Қалқоразов ашып берди ҳәм шайырдың қарақалпақ әдебияты тарийхында тутқан орны, оның 200 жыллығын белгилеў бойынша Президентимиз тәрепинен қарар қабыл етилип, ЮНЕСКО ға киргизилип, елимиз бойлап кең түрде белгиленип атырғанлығы ҳаққында айтып өтти. Буннан соң Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының оқытыўшысы, филология илимлериниң докторы, профессор С. Қазақбаев, ҳәм PhD, кафедра доценти Қ. Матимовлар шығып сөйлеп, шайырдың лирикалық қосықлары ҳәм эпикалық дөретпелериниң қунлылығы ҳаққында мағлыўматлар берди.
Буннан соң шайырдың дөретиўшилиги бойынша лицей оқыўшылары тәрепинен таярланған намалы қосықлар, тақмақлар, көркем оқыўлар атқарылып, шайыр жасап өткен XIX әсирдеги халықтың турмысын сәўлелендирген «Бозатаў» поэмасынан сахналық көринислер қойып берилди.
Әдебий кеше узақ есте сақаланып қалатуғындай мазмунлы болып өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги