Бүгинги жеделлик пенен раўажланып атырған технологиялар дәўиринде ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине жүкленген ўазыйпалар үлкен әҳмийетке ийе. Ғалаба хабар қураллары арқалы дәўир шынлығын жазыў, тарқатыў бойынша бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилип, бул тийкарда жумыс алып барыў нызам тийкарында белгиленген. Бул бағдарда жумыс алып барып атырған ғалаба хабар қураллары менен блогерлердиң жумыслары қандай дәрежеде болмақта?
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р. Сапарбаев ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер менен ушырасты. Ушырасыў даўамында баспасөз хызметкерлери ҳәм блогерлер диң жумысындағы жетискенликлер менен бир қатарда кемшиликлер де атап өтилди.
Сондай-ақ ушырасыў қатнасыўшылары тәрепинен коммуникацияны жақсылаў, мәлимлеме сапасын арттырыў, ғалаба хабар қураллары ҳәм жәмийетшилик арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша анық усыныслар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги