2025-жыл 1-январьдан баслап мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәрбияшы-методист лаўазымы тийкарында әмелдеги мийнетке ҳақы төлеў шәртлерин сақлап қалған ҳалда мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директорының орынбасары лаўазымы енгизиледи.

Бул ҳаққында «Мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин және де арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент пәрманында белгилеп қойылды.

Сондай-ақ, ҳүжжет пенен барлық район (қала)ларда кеминде биреўден таяныш мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысы жолға қойылады ҳәм таяныш мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери директоры орынбасарларынан маман тренерлер топары қәлиплестириледи.

Тренер сыпатында жумыс алып барып атырған директордың орынбасарларына болса лаўазым мийнет ҳақысының 20 проценти муғдарында қосымша ҳәр айлық үстеме ҳақы төленеди.

Буннан тысқары, ҳүжжетке бола, 2026-2027-оқыў жылынан баслап мектепке таярлаў топарларын питкерген балаларға олардың раўажланыў картасы тийкарында бир жыллық мектепке таярлаўдан өткени ҳаққында электрон сертификат бериў тәртиби жолға қойылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги