Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында қурылыс индустриясы ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыўды раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилис даўам етпекте.
Соңғы жети жылда қурылыс материаллары тараўында 9 миллиард доллар инвестиция киргизилип, 5 мыңға шамалас жаңа кәрхана иске қосылды, 94 мың турақлы жумыс орны жаратылды.
Өндирис 2 есеге өсти, жыллық айланысы 100 миллиард сумнан артқан кәрханалар 150 ден артты. Соңғы бес жылда қурылыслар көлеми 2 есеге көбейди.
Соның менен бирге, 650 миллион долларлық жаңа өнимлерди өзлестириў есабынан қурылыстағы импорттың үлесин 31 проценттен 25 процентке түсириўге ерисилди. Қурылыс материалларының экспорт базары да 58 ге жетти, сырт елде 20 дан аслам саўда қоймаханалары, 50 ден аслам саўда дүканлары ашылды.
Лекин, потенциалы, өнимине базарда талабы жоқары болған бул тараў ушын бундай көрсеткишлер аз екенлиги көрсетип өтилди.
Тек ғана қоңсыларымыздың өзи бизде ислеп шығарыў жолға қойылған 2 миллиард долларлық қурылыс материалларын басқа мәмлекетлерден импорт етпекте.
Бизде ҳәзирге шекем лак-бояў, гүлқағаз, ПХВдан труба ҳәм фитинглер, пол қапламасы, пардозға қолайлы тас, сантехника сыяқлы ислеп шығарыў жолға қойылған товарлар импорт етилмекте.
ӨзА