Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында қурылыс индустриясы ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыўды раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилис даўам етпекте.

Атап өтилгениндей, Президент күни кеше қол қойылған 2 әҳмийетли ҳүжжетке муўапық, усы жылдың өзинде 500 мың, келеси жылда және 1 миллион адамды кәмбағаллықтан шығарыўға қаратылған «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы басланбақта.

Бәнтлик министрлигиниң ҳәзирги жумыс алып барыўы менен бул шеклерге ерисип болмайтуғынлығы атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен, Ботир Зоҳидов кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри лаўазымына тастыйықланғаны мәлим етилди.

Бул министрликтиң жумысы да пүткиллей басқаша болыўы көрсетилип өтилди. Мәҳәлле кесиминде ислесиў агентлиги сапластырылып, оның барлық ўазыйпалары ҳәм ҳәким жәрдемшилери Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине өтеди.

ӨзА