Францияның Париж қаласында өткерилип атырған Паралимпиада  ойынларында пара жеңил атлетика бойынша беллесиўлер болып өтпекте.

Дүньяның көплеген мәмлекетлеринен параспортшылар қатнасып атырған бул жарысларда өзбекстанлы параатлетлер де табыслы қатнасып, елимиздиң спорт жанкүйерлерин шексиз қуўанышқа бөлемекте.

Атап айтқанда,  Т11 классында узынлыққа секириў беллесиўлеринде Асила Мирзаёрова 5.24 метр нәтийже менен, Паралимпиада ойынларының 28 жылдан берли жаңаланбай киятырған рекордын жаңалаўға еристи.

 

Ал, ерлер арасында F37 классында ядро ылақтырыў бойынша өткерилген жарыста болса, Қудратуллахон Маъруфхўжаев 16.37 метр нәтийже менен чемпионлықты қолға киргизген болса, командамыздың және бир ағзасы Толиббой Йўлдошев 15.24 метр нәтийже көрсетип қола медалына миясар болды.

Ҳаял-қызлар арасында Ф41 классында ядро ылақтырыў бойынша өткерилген беллесиўлерде Кубаро Ҳакимова 10.36 метр нәтийжеге ерисип, гүмис медалды жеңип алды.

Сондай-ақ, F12 классында ядро ылақтырыў беллесиўлеринде Элбек Султонов 16.45 метр нәтийже менен Өзбекстан Республикасы делегациясы есабына үшинши алтын медальды қосып қойыўға еристи.

Спорт жарыслары қызғын даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.