Россияныӊ жетекши компанияларының бири «Business Line» компаниясы ўәкиллериниӊ Қарақалпақстандағы сапары даўам етпекте.

Компания ўәкиллери Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары М.Қосназаров ҳәм «Ўзтўқимачиликсаноат» бирлеспесиниӊ Қарақалпақстан Республикасы филиалының баслығы Ж.Сапарбаевтың басшылығында текстиль тараўында жумыс алып барыўшы кәрхана ийелери менен орынларда ушырасыўлар ѳткерди.

Буннан соӊ, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында «Business Line» компаниясы ўәкили Екатерина Зубарева ҳәм текстиль тараўында жумыс алып барыўшы киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен ушырасыў шѳлкемлестирилди.

Ушырасыўда ол миллий ҳәм заманагѳй усылда таярланған текстиль ѳнимлери менен жақыннан танысып, қарақалпақстанлы исбилерменлер менен бирге ислесиўге барлық ўақытта таяр екенлигин айырықша атап ѳтти.

― Кегейли районындағы «Kegeyli Textile Group», Бозатаў районындағы «BS Bozataw Textile» ҳәм Нѳкис қаласында жайласқан “Ўзтўқимачиликсаноат” бирлеспеси менен биргеликте шѳлкемлестирилген “Әребек” модельер-конструкторлық бойынша қәнигелескен оқыў орайында болып, таяр ѳнимлер, оларды ислеп шығарыў жумыслары менен жақыннан таныстық. Ушырасыўлар даўамында кәрхана ийелери менен бирге ислесиў бағдарында сѳйлесиўлер алып бардық. Алдағы ўақытта биргеликте жумыс алып барыўды мақсет етип атырмыз,-дейди «Business Line» компаниясы ўәкили Екатерина Зубарева.

Тез арада республика кәрханаларында таярланған сапалы текстиль ѳнимлери Россия базарында өзиниң беккем орнына ҳәм турақлы қарыйдарларына ийе болады, деп исенемиз.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги