Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 15-октябрьдеги 646-санлы қарары тийкарында ҳәр жылы март айында арнаўлы баҳалаў критериялары менен улыўма билим бериў мектеплери баҳаланып, билимлендириўдиң сапасы жоқары болмаған мектеплер дизими жәрияланып келинбекте.
Усы баҳалаў критериясында питкериўшилердиң жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етилиўи, мектептиң рейтинги, педагог кадрлардың сапа қурамы, пән олимпиадаларына оқыўшыларының қатнасыўы сыяқлы заманагөй мектеплерге қойылған талаплар тийкарында 700 ден аслам мектептиң нәтийжелери баҳаланған.
Баҳалаў жуўмағында 2024-2025-оқыў жылы ушын республикамыз бойынша 29 улыўма билим бериў мектеби «Билимлендириўдиң сапасы жоқары болмаған мектеплер» қатарына киргизилди.
Усы мектеп директорлары, директордың оқыў ислери бойынша орынбасарлары, директордың руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасарларына 27-август күни Педагогикалық шеберлик орайында Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм Педагогикалық шеберлик орайы менен биргеликте «Билимлендириўдиң сапасы жоқары болмаған мектеп басшылары ушын 2024-2025-оқыў жылында билимлендириўдиң сапасын арттырыўға қаратылған илажлар» атамасындағы оқыў-семинар шөлкемлестирилди.
Оқыў-семинарда тренерлер тәрепинен «Билимлендириўдиң сапасы жоқары болмаған мектеп» директорлары ҳәм олардың орынбасарлары сапалы басқарыў, әмелдеги оқыў-реже ҳәм вариатив оқыў-реже, билимлендириўдиң сапасы жоқары болмаған мектеплер дизимин анықлаўдағы баҳалаў критериялары, педагогларда заманагөй сабақларды шөлкемлестириўдеги көнликпелерин раўажландырыў, улыўма билим бериў мектеплеринде классларды комплектлеў ҳәм тарификация дизимлерин қәлиплестириў тәртиби, саламат орталық жаратыў бағдарларындағы жумыслар бойынша бир қатар әмелий ҳәм методикалық жақтан түсиниклер берилди
Бул семинарда усы мектеп директорларының руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша орынбасарларына Методикалық хызмет көрсетиў методистлери И.Алланиязова ҳәм М.Палўановалар тәрепинен “Саламат орталық-жетискенликлер гиреўи” темасында шеберлик сабақлары да өткерилди. Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен бекитилген тренерлер билимлендириўдиң сапасы жоқары болмаған мектеплер дизимин анықлаўдағы әмелдеги критерия ҳаққында түсиниклер берди.
Семинарда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги