2024-жылдың 1-июль жағдайына Өзбекстанда 1 квадрат километр жер майданына орташа  82,7  турақлы  халық саны туўра келеди. Бул ҳаққында Статистика агентлиги хабар берди.

Бул өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда орташа 1,7 адамға артқан. 2023-жыл  1-июль жағдайына квадрат километрге 81 адам туўра келген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги