Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен мектеплердиң 2024-2025-оқыў жылына таярлығы ҳәм балалар бақшаларының жумыслары ҳаққында мағлыўматлар бериў ушын тараў басшылары ҳәм қәнигелериниң қатнасыўында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын баспасөз конференциясы өткерилди.
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Кожабаева шығып сөйлеп, бул бағдарда әмелге асырылған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўмат берди.
Ҳәзирги ўақытта республикамызда Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине қараслы 757 билимлендириў мәкемеси болып, соннан, 722 си улыўма орта билим бериў мектеби, төртеўи арнаўлы мектеп-интернат, 16 сы қәнигелестирилген мектеп ҳәм 18 и «Бәркамал әўлад» балалар мектеби болып есапланады. Сондай-ақ, 1839 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми болып, олардан 478 и мәмлекетлик, тоғызы жеке меншик, 104 и мәмлекетлик-жеке меншик шериклик, 1248 и шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери болып есапланады.
Атап өтилгениндей, республикамыз бойынша 3-7 жас аралығындағы балалар саны 150 мың 913 болып, соннан 121 мың 529 бала (80,5%) мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қамтып алынған.
2023-жылы 20 мың 633 питкериўшиден 11 мың 229 (54,8%) питкериўши жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўге еристи. Яғный, мектеп питкериўшилериниң жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў көрсеткиши 12 проценттен 54 процентке шекем көтерилгенин мақтаныш пенен айта аламыз.
2023-2024-оқыў жылын 647 оқыўшы «Алтын», 185 оқыўшы «Гүмис» медальлар менен питкерип шықты. Сондай-ақ, 267 питкериўши Өзбекстан Республикасы ҳәм сырт еллердеги жоқары билимлендириў мәкемелерине мүддетинен алдын оқыўға кириў бахтына миясар болды.
Жаңа оқыў жылында улыўма орта билим бериў мектеплериниң
1-класына жәми 37 мың 975 бала оқыўға келиўи күтилмекте. Бул оқыўшылар ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң 12 атамадағы «Президент саўғасы» мектеплерге толық жеткерип берилди. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 29-ноябрьдеги 716-санлы қарарына тийкарланып, республикалық бюджет қаржылары есабынан 55, жергиликли бюджет қаржылары есабынан 86 мектепке заманагөй компьютер топламлары алып берилди.
Улыўма билим бериў мектеплеринде шет тили пәни бойынша халықаралық ҳәм оған теңлестирилген миллий сертификатқа ийе педагоглардың үлеси 39,4 проценттен 56,0 процентке артты.
Сондай-ақ, мектеп питкериўшилеринен 717 оқыўшы халықаралық ҳәм оған теңлестирилген миллий сертификат алыў ушын арза тапсырып, соннан 702 оқыўшы сертификат алыўға еристи.
Тараўға өткен 2023-жылғы Инвестициялық бағдарлама тийкарында 78,6 миллиард сум қаржы ажыратылып, 12 мектепте, соннан,
3 мектепте жаңадан қурылыс, 9 мектепте қосымша оқыў имаратлары қурылысы бойынша жумыслар әмелге асырылды. Сондай-ақ, 11 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде қурылыс жумыслары әмелге асырылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм Кембридж университети арасында қол қойылған меморандумға муўапық 2024-2025-оқыў жылынан баслап республикамызда биринши мәрте Кембридж бағдарламасы тийкарында 5-6-классларда оқыўшыларды қабыллаў жумыслары жолға қойылады. Онда билимлендириў өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде алып барылатуғын 5-6-класслардың ҳәр бирине 20 дан (Жәми 40) оқыўшы таңлаў тийкарында қабыл етиледи.
Баспасөз конференциясында кадрларға болған зәрүрликлерди қаплаў, олардың потенциалын арттырыўға айрықша итибар қаратыў, қәниге ӽәм екинши категориялы муғаллимлерди педагоглардың аттестациясына турақлы түрде таярлап барыў системасын жаратыў, физика, химия, биология, информатика, география ӽәм математика пәнлеринен оқыўшыларымызды халықаралық олимпиадаларда қатнастырыў, билимлендириў мәкемелеринде руўхый, әдеп-икрамлылық ҳәм тәрбиялық шеңбериндеги илажлардыӊ сапалы өткерилиўин тәмийинлеў сыяқлы министрликтиң жумысларындағы баслы бағдарлар туўралы да мағлыўматлар берилди.
Қатнасыўшылар берилген мағлыўматлар бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, мектеплердеги төлемли ҳәм төлемсиз дөгереклер, айырым балалар бақшаларында ушырасып туратуғын машқалалар, муғаллим ҳәм тәрбияшылардың мәнаўиятын арттырыў, оқыўлықлардағы қәте-кемшиликлерди сапластырыў, сабақлар орыс тилинде алып барылатуғын класслардағы муғаллимлердиң жетиспеўшилиги, балалардың аўқатланыўында берилетуғын азық-аўқатларды таңлаўға қәнигелерди тартыў, мектеплердеги муғаллим ҳәм оқыўшылардың ўақытын алатуғын керек емес айырым илажлар, қысқы-гүзги ўақытта мектеплерди жылытыў ушын пайдаланылатуғын көмирдиң сапасызлығы, оны пайдаланыў бар жылытыў системасына туўра келмейтуғыны туўралы айтып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги