Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине санлы дәлиллер менен ислесиў системасын жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылды. Бул ҳаққында Нызамшылық палатасының мәлимлеме хызмети мәлим еткен.

Хабар етилиўинше, кейинги ўақытта жынаятшылар халықтың банктеги пулларын талан-тараж етиўде жаңа усыллардан пайдаланыўы ҳәм ҳуқықый нормалардағы бослықлар себепли процессти нәтийжели шешиўде машқалалар пайда болған еди.

Атап айтқанда, дәстүрий аппарат қурылмалары жәрдеминде нызамға қарсы түрде банк картасы ямаса басқа төлем карталарының нусқасын таярлаў, қәлбекилестириў арқалы өзгениң банк есабындағы ямаса электрон төлемде бар пуллары талан-тараж етилген жағдайлар жүз берген.

Сол себепли де ҳуқықты қолланыў әмелиятындағы электрон мағлыўматларды санлы дәлил деп табыў ҳәм ис ҳүжжетлерине қосыў менен байланыслы машқалалар жынаятты ашыўға байланыслы исте қыйыншылықларды пайда етип атырғаны келтирилген еди.

«Санлы дәлиллер» атамасын қабыллап алыў, тексериў ҳәм баҳалаў тәртибине байланыслы нормаларды Өзбекстан Республикасының тийисли нызамшылық ҳүжжетлерине киргизиў зәрүрлигиниң пайда болыўы бул ҳүжжеттиң көрип шығылыўына тийкар болған. Нызам жойбары менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине «санлы дәлил» түсиниги, санлы дәлиллерди анықлаў, топлаў, усыныў, тексериў, баҳа бериў, атап өтиў ҳәм сақлаў тәртиплери, сондай-ақ, бул процесс қатнасыўшыларының ҳуқықлары менен миннетлемелерин белгилеўди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиледи.

Атап өтилиўинше, нызам жойбарының қабыл етилиўи процессуаллық нызамшылықтағы бослықларды сапластырыўға, жаңа институтларды енгизиўге, әдил судлаўдың сапасын арттырыўға, суд исин алып барыўын жетилистириўге, мәмлекетимиздиң халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орнын жақсылаўға хызмет етеди.

«Қызғын пикир таласлардан соң, нызам жойбары депутатлар тәрепинен үшинши оқыўда қабыл етилди», делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги