Республикамыздың қала ҳәм районларында, шетки аўылларында мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен “Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!” сүрени астында түрли илажлар өткерилмекте.
Усындай илаж Беруний районының шетки Алтынсай аўыл пуқаралар жыйынында болып өтти. Онда район ҳәкиминиң орынбасары А.Қурбаниязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды ең уллы, ең әзийз байрам-елимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, ғәрезсизлик, өз ана журтында еркин жасаў ҳуқықы жақын өтмиште ата-бабаларымыздың арзыў-үмити болып, халық қосықларында өз көринисин тапқан. Усы жолда жанын пидә еткен ата-бабаларымыздың жарқын естилиги бәршемиздиң қәлбимизде мәңги жасайды.
Өткен дәўир ишиндеги түрли тараўларда қолға киргизилген табыслар халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысын тәмийинлемекте. Байрам илажларында халықтың бирлиги, өз-ара татыўлығы, миллетлер арасындағы дослық улығланбақта.
Байрам мүнәсибети менен аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы мектеплерди табыслы тамамлап, жоқары оқыў орынларына кириўге миясар болған бир топар жасларға қәўендерлер тәрепинен саўғалар тапсырылды. Сондай-ақ, “Ҳаял-қызлар дәптери”не киргизилген 4 ҳаял-қызға заманагөй тигиў машинасы, жәрдемге мүтәж шаңарақ ағзаларына ақшалай сыйлық ҳәм азық-аўқат өнимлери берилди.
Байрам тамашалары даўамында спортшы жаслардың көргизбели шығыўлары болып, мәденият хызметкерлериниң концерт бағдарламасы бәршеге көтериңки кейпият бағышлады. Нуранийлар бир кесе шай үстинде сәўбетлесип, бүгинги тыныш ҳәм абадан турмысымыз ушын шүкиршилик билдирип, дуўаға қол жайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги