Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен Нөкис районындағы «Дийқан арна» мәкан пуқаралар жыйыны имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Салтанатлы ашылыў мәресимине район ҳәкими З.Зайтов, Қарақалпақстан Республикасы прокуроры орынбасары Е.Қайыпбергенов ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Илажда сөзге шыққан район ҳәкими З.Зайтов өз сөзинде халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў бойынша ҳүрметли Президентимиз басшылығында  көлемли жумыслар әмелге асырылып, халқымыздың жақсы жысаўы ушын алып барылып атырған  реформалар турмыста өз сәўлелениўин таўып атырғанлығын атап өтти.






Буннан соң,  имараттың рәсмий ашылыў лентасы кесилип, хызметкерлер ҳәм пуқаралар ушын жаратылған шараятлар көзден өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги