Президентимиздиң елимиз исбилерменлери менен ашық сөйлесиў түринде өткерген ушырасыўынан соң бажыхана уйымлары тәрепинен республикамыздың алыс-жақын аймақларында көшпели ушырасыўлар өткерилмекте.
Атап айтқанда, Бажыхана комитети баслығының орынбасары Н.Мусамухамедов Нөкис қаласынан 80 километр узақта жайласқан Қараөзек районындағы таў жынысларынан вермикулит ажыратып алыўға қәнигелестирилген кәрханада болды.
Қаратаў дизбеклеринде жайласқан бул кәннен қазып алынып атырған вермикулиттен қурылыста ыссы-суўық өткермейтуғын изолятор сыпатында, аўыл хожалығында болса, топырақта ығаллықты сақлаўшы зат ретинде пайдаланылады.
Итибарлы тәрепи сонда, өндирис процесинде пайдаланылатуғын технологиялар жергиликли қәнигелер тәрепинен жойбарластырылған. Нәтийжеде сырт еллерден валюта жумсап, әспаб-үскенелер алып келиўге зәрүрлик қалмаған.
Республикамызда жер астынан алынып атырған вермикулит ишки азардан тысқары Түркия, Украина, Беларусь ҳәм Россияға экспорт етилмекте. Соңғы үш жыл ишинде сырт еллерге экспортқа жиберилген таяр өнимлердиң көлеми 1800 тоннаны қурайды.
Ушырасыў даўамында өнимге қосымша қун киргизиў, экспорт географиясын кеңейтиўге байланыслы мәселелер додаланды. Бул процесслерде бажыхана уйымлары тәрепинен ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем берилетуғынлығы атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги