Мәмлекетимиз басшысының қоллапқуўатлаўы менен Қазақстан Республикасының Маңғыстаў ўәлаяты Ақтаў қаласына «НөкисМаңғыстаўНөкис» жөнелисинде жолаўшы поездларының қатнаўы жолға қойылды.

24-август күни усы поезддың дәслепки рейси Нөкис қаласына жетип келди.

Салтанатлы күтип алыў мәресиминде нуранийлер, жаслар, көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов шығып сөйлеп, мәмлекетлеримиз арасында түрли тараўларда бирге ислесиў жылдан-жылға беккемленип атырғанлығын атап өтти. Қоңсылас мәмлекет пенен жолға қойылған поездлар қатнаўы халқымызға Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы байрамына әжайып саўға болды.

Еслетип өтемиз, «Нөкис – Маңғыстаў – Нөкис» жөнелисинде жолаўшы поезды қатнаўы усы жылдың 22-август сәнесинен баслап жолға қойылып, қатнаўлар ҳәптеде үш мәрте әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги