Қарар ҳәм оның орынланыўы
Бәриңизге белгили, соңғы жылларды Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мәмлекетимиздиң тийкарғы өзеги болған мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў, қала орайларынан баслап алыс аўылларға шекемги аймақларды ҳәр тәреплеме бирдей раўажландырыў, улыўма алғанда, халықтың абадан турмыста жасаўын тәмийинлеў мақсетинде кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Соның ишинде, Қарақалпақстан мәҳәллелери мысалында қарайтуғын болсақ, кейинги 2 жылдың өзинде бурын мисли көрилмеген қурылыс-абаданластырыў жумысларының алып барылғанын көриўимизге болады. Әҳмийетлиси, бул жаңаланыўларды халқымыз терең сезинип, бүгинги турмысынан разылығы артып бармақта.
Усы жылдың 25-июнь сәнесинде Президентимиз тәрепинен қабыл етилген «Мәҳәллелерди абаданластырыў, көклемзарластырыў ҳәм олардың келбетин түп-тийкарынан жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-234-санлы қарары да «инсан қәдири ушын» принципи тийкарында исленип атырған усы ийгиликли ислердиң логикалық даўамы болды.
Неге дегенде, бул ҳүжжетти қабыллаўдан тийкарғы мақсет – мәҳәллелердиң абаданлығын тәмийинлеў, оларды сақлаў ҳәм абаданластырыўға байланыслы машқалаларды сапластырыўдың жаңа механизмлерин енгизиў, халық ҳәм коммуналлық хызмет шөлкемлери арасында нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў және мәҳәлле халқын мәҳәллениң абатлығына кеңнен тартыў болып табылады.
Қарардың орынланыўы шеңберинде бүгинги күнде Қарақалпақстандағы 17 мәҳәлледе аймақлардағы потенциаллы исбилерменлердиң қатнасында Мәҳәлле сервис компаниялары шөлкемлестирилип, оларға мәҳәлле ҳәм мәҳәлле әтирапындағы бос турған имаратлар бийпул пайдаланыў ҳуқықы менен ажыратып берилмекте. Бос имарат болмаған районларда болса, жаңасын қурыў илажлары көрилип атыр.
Мысалы, Нөкис районындағы «Дийқан арна» мәҳәлле сервис компаниясы тез пурсатта жаңадан қурып питкерилип, компанияға 2 дана электр мотороллер ҳәм басқа да зәрүрли үскенелер жетип келди.
Бүгинги күнде усы Сервис компаниялары мәҳәлледеги көшелер менен аймақлардағы кем тәмийинленген шаңарақлардың турақ жайларында абаданластырыў жумысларын баслап жиберди.
Усы жерде Сервис компаниясын шөлкемлестирген исбилерменлерге халыққа хызмет көрсетиўде бийпул ханалардың ажыратылып атырғанын, мәҳәлле ҳәм компания арасындағы шәртнамалардың тиккелей әмелге асырылатуғын, сондай-ақ, халыққа хызмет көрсетиўде зәрүр болатуғын
10 нан аслам баҳалы техникалық қураллар менен үскенелердиң бийпул пайдаланыўға берилип атырғанын атап өтиў орынлы.
Бул еле бәри емес. Мәҳәллени абаданластырыў жумыслары ушын мәҳәллелерге, соның ишинде, Мәҳәлле сервис компанияларына Жәмийетлик жумыслар қоры қаржылары есабынан ҳәр айда 20 милллион сумнан қаржы ажыратылмақта.
Берилип атырған усындай жеңилликлер нәтийжесинде Сервис компаниясын шөлкемлестириў тилегиндеги исбилерменлер саны да артып бармақта. Мысалы, Нөкис қаласы, Мойнақ, Төрткүл ҳәм Нөкис районындағы исбилерменлер компанияны жайластырыў ушын өз имаратын усыныс еткенин атап өтиў орынлы.
Усы жерде Мәҳәлле сервис компаниясының тийкарғы ўазыйпалары нелерден ибарат? – деген сораў туўылыўы мүмкин.
Сервис компаниялары мәҳәлле пуқаралар жыйынының буйыртпасы тийкарында өзлерине тийисли мәҳәллелерде, соның ишинде, көшелерде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў хызметлерин орынлайды, жап-салмалар менен суўғарыў системаларын тазалайды, ҳәр қыйлы терек нәллерин егеди ҳәм оның тәрбиясына жуўапкер болады.
Соның менен бирге, социаллық объектлерге шәртнама тийкарында абаданластырыў ҳәм коммунал эксплуатация хызметлерин көрсетеди, шығындыларды жыйнап, бөлеклейди ҳәм тийисли кәрханалар тәрепинен өз ўақтында алып кетилиўин тәмийинлейди. Сондай-ақ, халықтың талапларынан келип шығып, оларға электр, сантехника, кепсерлеў, турмыслық техникаларды оңлаў, қуяш панелин орнатыў, қыйтақ жерге ҳәм тереклерди тәрбиялаў сыяқлы 20 дан аслам социаллық түрдеги төлемли хызметлерди көрсетеди.
Мәҳәллелерде «Мәҳәлле сервис компаниясы» жумысын шөлкемлестириўге қаратылған бул қарардың және бир әҳмийетли тәрепи, онда мәҳәлледеги жумыссыз қатламның бәнтлик мәселеси.
Биринши гезекте Мәҳәлле халқының абаданластырыў ҳәм тазалыққа байланыслы машқалаларын турақлы түрде үйрениў ҳәм оларды сапластырыў ушын Нөкис қаласы ҳәм районлардан эксперимент түринде таңлап алынған жәми 17 мәҳәллениң хәр бирине 1 штаттан жәми 17 штат бирлиги ажыратылмақта.
Екиншиден, Мәҳәлле сервис компанияларына шәртли түрде өз мәҳәллеси аймағында жасаўшы, ўақтынша жумыссыз пуқараларды жумысқа тартыў ўазыйпасы белгиленди.
Усы жерде ҳәзирги ўақытта 17 сервис компаниясы шеңберинде жәми
133 жумыссыз пуқараның турақлы жумыс пенен тәмийинленгенин, жумысшылар саны халықтың талабына қарап буннан былай да артып баратуғын, соның ишинде, мәўсимлик жумысшыларға да талап болатуғынын да атап өтиў орынлы.
Итибар бериң, Компания жумысшылары ҳәр қүни тек те өзлерине бириктирилген мәҳәлледе абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын алып барады. Бул – әлбетте, көринип турған, анық унамлы нәтийже дегени.
Қарарда Мәҳәлле сервис компаниялары менен жумысшылардың дәраматларын арттырыўда бир қатар салық жеңилликлери берилмекте. Онда Сервис компаниясы социаллық әҳмийеттеги төлемли хызметлерди көрсетиў шеңберинде пайда, мүлк, жер ҳәм социаллық салық төлемлеринен, сондай-ақ, жумысшылар физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығынан азат етилди.
Сөз мәҳәллениң абаданлығы менен бирге, бәнтлик ҳаққында кеткенде эксперимент түринде көрилип атырған система әлбетте, өзин ақлайды, деп исенемиз.
Күтилип атырған нәтийжелерге шолыў жүргизетуғын болсақ, келеси жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасындағы 452 мәҳәллениң бәринде Мәҳәлле сервис компанияларының жумысы жолға қойылатуғын болса, «Мәҳәлле жетилиги»не қосымша 452 штат бирлиги, 452 Мәҳәлле сервис компанияларының ҳәр бирине болса, турақлы ҳәм мәўсимлик жумыслар ушын орташа 15-20 пуқарадан қамтып алынғанда, бул жәми қосымша 1000 нан аслам жумыс орны жаратылады дегени.
Бир сөз бенен айтқанда, бул система мәҳәллениң абаданлығын тәмийинлеў менен бирге, биринши гезекте, мәҳәллелердеги социаллық жәрдемге мүтәж, жумыссыз қатламның бәнтлигин тәмийинлеўге де хызмет етеди. Мәҳәлле де, кеўиллер де абат болады.
Сағындық ТУРМАНОВ,
Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы.
Сүўретлерде: Нөкис районы “Дийқан арна Мәҳәлле сервис компаниясы”ның жумысшылары. М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги