“Мәҳәлле абат-журт абат” сүрени астында улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги Төрткүл районында да даўам етпекте.

Райондағы 3-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби жәмәәти ерте таңнан бул илажға белсене қатнаспақта. Атап айтқанда, мектеп әтирапы шығындылардан тазаланып, темир қорғанлар боялмақта.

Мектеп жәмәәти улыўмахалықлық қайырқомлық шембилигине мүнәсип қатнасып, мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы байрамын мүнәсип күтип алыўды мақсет еткен.

Еки күн даўам ететуғын улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги районның мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында, мийнет жәмәәтлеринде, оқыў орынларында шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.