Республикамызда “Мәҳәлле абат-журт абат” сүрени астында улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги басланды.
Еки күн даўам ететуғын илаждан гөзленген мақсет, мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы байрамын мүнәсип түрде күтип алыў, пуқаралар жыйынлары, елатлы пунктлер, қыябанлар, зыярат етиў орынлары, қойымшылықлар ҳәм балалар майданшаларын абаданластырыў, саламат турмыс тәризи ҳәм санитариялық-гигиеналық мәдениятты үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў болып есапланады.
Улыўма халықлық шембиликте жап-салмалар тазаланып, турмыслық ҳәм қурылыс шығындылары алынады. Жаслардың қатнасында қойымшылықлар, зыярат етиў орынлары абаданластырылады.
Шембилик даўамында халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына да бийғәрез жәрдем көрсетилип, олардың турақ жайларын оңлап бериў жумыслары алып барылады. Материаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардан, соның ишинде майыплығы болған шахслар ҳәм жалғыз баслы кекселерден хабар алынып, оларға материаллық жәрдем көрсетиледи.
Улыўмахалықлық шембилик республикамыздың барлық қала ҳәм районларында шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.