Бүгинги күни заманагөй алтернативалы энергия дәреклеринен кеңнен пайдаланыў арқалы энергия жетиспеўшилигиниң алдын алыў мүмкинлиги өз шешимин таппақта.
Бул бағдарда Президентимиздиң тийисли қарары қабыл етилип, қайта тиклениўши энергия дәреклери қурылмаларын орнатқан ҳәм олардан пайдаланыўшы тәреплер, олар пайдаланыўға тапсырған күннен баслап үш жыл мүддетке мүлк ямаса жер салығы, сондай-ақ өзлеринен артқан электр энергияны мәмлекетке сатыўдан алынған дәрамат пайда салығынан азат етилиўи белгиленген.
Берунийли исбилермен Руслан Казаков жаратылған шараятлардан өнимли пайдаланып, қуяш панельлерин дәрамат дәрегине айландырып үлгерген. Ҳәзир ол мәмлекет тәрепинен ажыратылған 1,5 гектар жер майданына 850 кВт қуўатлылықтағы қуяш панельлерин орнатып, ислеп шығарылған электр энергиясын “Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийетине сатыў арқалы айына 120 миллион сумға шекем дәрамат алмақта.
Буннан тысқары, истиң көзин билип, дәрамат алыўды баслаған исбилермен өзине қараслы болған саўда дүканына да 20 кВтлы қуяш панельлерин орнатқан. Усының нәтийжесинде “Komil-Ruslan” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң электр энергиясына болған талабы толық қуяш панельлери есабынан қапланып, аўысқан энергияның тармаққа сатылыўы да жолға қойылған.
Бүгинги күнге шекем тек ғана республикамыздың өзинде жәми 1 мың 53 исбилерменлик субъекти тәрепинен 7,85 МВт (Мегаватт) қуўатлылықтағы қуяш панельлери орнатылған. Бул дегени, бир айда орташа есапта 1800-2000 МВт электр энергиясы алтернативалы электр дәреклеринен алынып, халыққа ҳәм өндириске берилмекте.
Солай екен, электр энергиясы жетиспеўшилигиниң алды алынып, халықты ҳәм санаат объектлерин үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеўде қуяш панельлериниң орны гиреўли. Мәмлекетимиз тәрепинен жаратылған шараят ҳәм жеңилликлерден ақылға уғрас пайдаланған исбилерменлер халықтың абаданлығы жолында саўаплы ис ислеп, мол дәрамат алмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги