Әдиллик министри Акбар Тошқулов Бирлескен Миллетлер Шөлкеми (БМШ) Раўажланыў бағдарламасының жаңадан тайынланған Өзбекстандағы ўәкилханасының турақлы ўәкили Акико Фужии менен ушырасты.

А.Тошқулов А.Фужии ханымды БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы ўәкилханасының турақлы лаўазымына тайынланғаны менен қутлықлап, жуўапкерли ҳәм абырайлы хызметинде үлкен жетискенликлер тиледи.

Әдиллик министри Өзбекстанда кейинги жылларда кең көлемли реформалар әмелге асырылыўында бул структура үлкен үлес қосып атырғанлығын атап өтип, өз миннетдаршылығын билдирди.

А.Фужии Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларды унамлы баҳалап, 8 мәмлекетте өз жумысын алып барғанын, ҳәр бир мәмлекетте нызам үстинлигин ҳәм ҳүкиметтиң ашық екенлигин тәмийинлеўде Әдиллик министрлиги әҳмийетли орын ийелеўин бақлап барғанын атап өтти. Өзбекстанда да министрлик усы бағдарларда басламашы екенин атап өтти.

Әдиллик министрлиги халыққа ашық ҳәм есап бериўши уйым болып, инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында өз реформаларын алып баратуғыны ҳәм имканияты шекленген шахслар ушын имканиятларды кеңейтиўге айрықша итибар қарататуғыны атап өтилди.

Тәреплер әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм илажлар ҳаққында ҳәр тәреплеме пикир алысып, ҳуқық ҳәм әдиллик тараўында өз-ара перспективалы бирге ислесиўди жеделлестириўге келисип алды.

                                                                                                             ӨзА