Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң елимизге мәмлекетлик сапары даўамында пайтахымыздағы «Өзэкспоорай» миллий көргизбелер комплексинде Өзбекстан – Әзербайжан бизнес форумы болып өтти.

Министрлик, мәкеме, тармақ бирлеспелери, аймақлардың ҳәкимликлери ҳәм еки мәмлекет исбилермен топары ўәкиллери қатнасқан әнжуманның ашылыўында инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов еки мәмлекет басшыларының ақыллы сиясаты себепли бирге ислесиў стратегиялық өзгешеликке ийе болып, сапа жағынан жаңа басқышқа шыққанын атап өтти.

– Өз-ара товар алмасыў муғдары артпақта ҳәм диверсификацияланбақта, – деди Л.Қудратов. – Бүгин ҳүкиметлер дәрежесинде импорттың орнын басатуғын бағдарламаларды әмелге асырыў, атап айтқанда, аймақларда товарларды арнаўлы электрон платформаларға жайластырыў арқалы мәмлекетлеримизде ислеп шығарылған өнимлерди көбирек сатыўға жәрдем беретуғын инфраструктура жаратыў мәселесин додалап атырмыз.

Қалаларымызда саўда үйи, көргизбе залы, турақлы миллий павильонлар ашыў режесин усы жолдағы анық қәдемлер сыпатында қабыллаў мүмкин. Буннан тысқары, өндирис кооперациясын жедел раўажландырыў нийетиндемиз. Инвестиция компаниясы жедел ислеп атыр. Пурсаттан пайдаланып, исбилерменлерди биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын усы платформа имканиятынан кеңирек пайдаланыўға шақыраман.

Форумда көп тәреплемели Өзбекстан ҳәм Әзербайжан бирге ислесиўши жедел раўажланып атырғаны атап өтилди – товар айланысы соңғы 5 жылда 3 есеге, усы жылдың басынан берли болса және 20 процент көбейген. Мәмлекет басшылары тәрепинен қойылған ўазыйпа – жақын келешекте өним алмасыў муғдарын 1 миллиард долларға жеткериў бойынша жумыс алып барылмақта.

Таллаўларға бола, экономиканың ең әҳмийетли тармақлары – энергетика ҳәм қала қурылысы, машина қурылысы көлеми кеңеймекте.  Республикамызда «Pasha Holding», «Matanat», «Sarda Group» ҳәм «Sokar» сыяқлы Әзербайжанның үлкен компаниялары табыслы жумыс ислемекте. Өзбекстанның «Global Textile», «Azsilk» ҳәм «Businesstex» кәрханалары Әзербайжан аймақларында ислемекте.

Инвестициялық бирге ислесиўди ҳәрекетлентиретуғын күш – Биргеликтеги инвестиция компаниясы иске түсирилгени айтылды.

Өз гезегинде, Әзербайжан Республикасының экономика министри Микаил Жабборов мәмлекетимизде жаратылған қаржы орталығы, исбилерменликти ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын жаратылған имканиятларды жоқары баҳалады. Узақ мүддетли бирге ислесиўге исеним билдирген ҳалда, Әзербайжан бизнеси ўәкиллерин екиленбестен Өзбекстанға қаржы киргизиўге шақырды.

Саўда-экономикалық ҳәм қаржылай бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары атап өтилди. Жеңил ҳәм азық-аўқат санааты, жасыл энергетика, денсаўлықты сақлаў сыяқлы әҳмийетли тараўларда анық жойбарлар портфели қәлиплестирилди. Қурылыс материалларын жеткерип бериў көлемин арттырыў, талап етилетуғын өнимлерди нәтийжели хошаметлеў ушын еки тәрепте тармақ бирлеспелери ўәкиллери ушын лаўазымлар шөлкемлестириў зәрүрлиги мақулланды.

– Тийкарғы мақсетимиз бирге ислесиўши мәмлекетлер арасында сапалы өнимлер алмасыўын шөлкемлестириў, – деди Әзарбайжандағы Өзбекстан саўда үйиниң тийкарын салыўшысы Рамин Шарифов. – Ҳәзир оннан аслам бағдарда жумыс алып барып атырмыз. Елимизде түрли тараўға қәнигелескен 50 ге шамалас Өзбекстан бизнеси ўәкиллери өнимлери көргизбесин өткердик. Жақын күнлерде Бирлескен Араб Әмирликлеринде де Өзбекстан саўда үйин ашыўды режеслестиргенбиз.

Мәжилис барысында тоқымашылық, пиллешилик, қурылыс материаллары, азық-аўқат ҳәм таў-кән санааты, қала қурылысы, инфраструктура ҳәм заманагөй турақ жай, саўда тармақларын раўажландырыў арқалы санаат кооперациясын тереңлестириў бойынша кең имканият бар екенлиги атап өтилди. Таў-кән, энергетика ҳәм нефть-газ санаатында биргеликтеги жойбарлар ислеп шығыў, «жасыл» энергия дәреклерин жаратыў ҳәм өним экспорт етиў, аўыл хожалығында бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалы бағдарлар сыпатында белгиленди.

Бағдарламаға муўапық, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм қала қурылысы, жаңа логистика орайлары, билимлендириў орынлары, бирге ислесиўши мәмлекетлерде санаат бирлеспелери ўәкилликханаларын ашыў бойынша еки тәреплеме ҳүжжетлер алмасыў мәресими болып өтти. B2B ҳәм G2B сөйлесиўлери исбилерменлер арасында биргеликтеги инвестиция жойбарлары ҳәм саўда шәртнамаларын додалаў ушын қолайлы платформа ўазыйпасын атқарды. Форум жуўмағында әмелге асырыў мүддетлери анық көрсетилген илажлар сәўлеленген биргеликтеги «Жол картасы» қабылланды.

Әнжуман шеңберинде «Made in Azerbaijan» миллий өнимлер көргизбеси де өткерилмекте. Көргизбе мәмлекетимиз исбилерменлеринде үлкен қызығыўшылық оятпақта.

 

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзА хабаршысы