Диёра Келдиёрованы Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң Гендер теңсизлиги ҳәм балаларға қаратылған зорлыққа қарсы гүресиў бойынша арнаўлы ўәкили етип тайынланды. Бул ҳаққында Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги директорының биринши орынбасары Шаҳноза Мирзиёева мәлим етти деп хабар береди xs.uz.
«Диёраның олимпиададағы жеңиси алдынғы өзгерислер ушын катализатор болып, пүткил дүньяға Өзбекстанның тең имканиятлар ҳәм шексиз потенциаллар мәмлекети екенин көрсетеди. Диёра дзюдо бойынша Орайлық Азия регионындағы биринши Олимпиада чемпионы сыпатында өзиниң атын тарийхқа жазып үлгерди ҳәм енди ол пүткил бир әўладты изине ерте алады.
Оның арнаўлы ўәкил сыпатындағы жаңа ўазыйпасы Өзбекстандағы барлық ҳаял-қызлар ушын дәстүрий шаңарақлық қәдириятларды сақлаған ҳалда қәлеген тараўда шекти ийелеў мүмкинлигине өзине тән шақырық бола алады», – деп жазады Агентлик директорының орынбасары.
Ол, сондай-ақ, Диёраның жумысы тек мәмлекетте гендер теңлигине ерисиўди тезлестириўге емес, ал Өзбекстанның халықаралық майдандағы алдынғы мәмлекет сыпатындағы абырайын беккемлеўине ҳәм пүткил дүнья ҳаял-қызларын руўхландырыўға исенетуғынын билдирген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги