“Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек Ўатанбыз!” сүрени астында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 33 жыллығына бағышланған илажлар даўам етпекте.

Қоңырат районындағы Қаңлы аўыл пуқаралар жыйынында болып өткен “Ҳаял-қәдириятлар даўамшысы” атамасындағы руўхый-ағартыўшылық илажда елимизде ерисилип атырған үлкен нәтийжелердиң мазмун-әҳмийети ҳаққында сәўбетлесиўлер шөлкемлестирилди.

Байрам илажында мәҳәлледеги үлгили шаңарақ бийкелери жаслар менен ибрат боларлық гүрриңлери менен ортақласып, баҳалы мәсләҳәтлерин берди.

Халқымыздың миллий әсбаплары, үй дәскелери, миллий тағамлары ҳаққында жасларға көргизбели тәризде үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Миллий тағамлар асылып, Ана Ўатанды, миллетлер аралық татыўлықты жырлаўшы йошлы намалар аўыл халқына жоқары кейпият бағышлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги