Рыбачье суў сақлағышын реконструкциялаў арқалы 136 миллион метр куб суўды сақлаў имканияты жаратылады,-деп хабар бермекте Аралды қутқарыў халықаралық қоры атқарыў комитети Нөкис филиалы баспасөз хызмети.  

Арал теңизи әтирапында  Жылтырбас, Судочье, Дәрья аралығы, Мойнақ қолтығы, Мақпалкөл, Зәкиркөл, Майпост ҳәм Рыбачье көллери жайласқан.

Мойнақ районы аймағында көллер системасын пайда етиў нәтийжесинде суў сақлағышларда суўды сақлаў имканиятын  арттырыўға бағдарланған жойбарлар әмелге асырылмақта.

Бул жойбарларды әмелге асырыўдан гөзленген мақсет – көллер системасын пайда етиў арқалы бүгинги күнде бар болған 1 миллион  362 метр куб.лик суў көлемин 2 миллион  700  метр куб.қа  жеткериў болып есапланады.

Аралды қутқарыў халықаралық қоры атқарыў комитети Нөкис филиалының “Әмиўдәрья дельтасында киши көлемли жергиликли суў бассейнлерин жаратыў: Фаза II” жойбары шеңберинде улыўма майданы 11 мың  гектарға  тең болған  Рыбачье көлиниң дамбасын  ҳәм суў  шығарыўшы қурылмаларын қайта оңлаў жумыслары алып барылмақта.

«Рыбачье суў сақлағышының суў алып кетиўши каналларының қурылысын жуўмақлаў, суў өткериўши қурылмаларын оңлаў ҳәм дамбаларын реконструкциялаў» объектиниң қурылыс-монтажлаў жумыслары өткен 2023-жылдан басланған болып, бас жумысты бөлип алып ислеўши “Элликқалъамахсуссувпудрат” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 2 суў шығарыўшы қурылманы  қайта оңлаў, алдыннан бар болған 7,1 километрлик дамбаны қайта реконструкциялаў, 5,1 километрлик аралықта  жаңа дамбаны қурыў жумыслары алып барылмақта.

Жойбардың тийкарғы мақсети – Арал теңизиниң қурып қалған ултанынан  көтерилген зәҳәрли аэрозолларды, дуз ҳәм шаңларды услап қалыўшы буфер зона хызметин атқарыў, сондай-ақ, Аралбойы биоресурсының тәбийғый өнимдарлығын арттырыў ҳәм биологиялық ҳәр түрлилигин сақлап қалыў,  суў жүзи майданының кеңейиўи ҳәм аймақтың ығалланыўы есабынан экологиялық апатшылық зонасында климатты жумсартыўдан ибарат.

Жойбардың толық әмелге асырылыўы менен Рыбачье суў сақлағышын реконструкциялаў арқалы 136 миллион метр куб суўды сақлаў имканияты жаратылады. Нәтийжеде, усы аймақта    маллардың бас санының өсиўине,  халықты азық-аўқат пенен тәмийинлеў, балықшылықты раўажландырыў, балық аўлаў, аңшылық, жайлаўлардағы (өристеги) шарўашылықты раўажландырыў ушын кең мүмкиншиликлер жаратылады.

 Обьекттиң қурылыс жумыслары 2024-жылдың ақырына шекем толық жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.