Нөкис қаласындағы «Имкан» реабилитациялық орайына ийе мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми туўма нуқсаны бар, раўажланыўдан артта қалған балалардың денсаўлығын қайта тиклеўде, олардың физикалық имканиятларын жақсылаўда ҳақыйқый жәрдемши болмақта.

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы,  Аралды қутқарыў халықаралық фонды атқарыў комитети Нөкис филиалының  қаржыландырылыўы менен  имканияты шекленген балалар ушын және бир мүмкиншилик жаратылды.

«Имкан» орайындағы Сенсорлық интеграция бөлмесине улыўма баҳасы 20 миллион 160 мың сумлық «Ойна ҳәм раўажлан» комплекси қурып берилди.

«Ойна ҳәм раўажлан» комплекси ҳәрекетлениў технологиясы жәрдеминде балалардың ақыл-ойын, есте сақлаў, пикирлеў, қыял етиў қәбилетин дурыс раўажландырыўға хызмет етеди. 100 түрдеги  интерактив оқыў шынығыўлары   баланың қоршаған орталық ҳаққындағы пикирлерин қәлиплестирип,  сөйлеў мәдениятын ҳәм физикалық раўажланыўын, көркем-эстетикалық талғамын жақсылайды.

«Ойна ҳәм раўажлан» бағдарламалары 2 жастан 7 жас аралығындағы ақылы  зайыл балалардың сана-сезимин арттырып, сөйлеўинде нуқсаны бар, психикалық раўажланыўдан артта калған балалар ушын интерактив ҳәм инновациялық усыллар жәрдеминде үйретиледи. Интерактив тәрбиялық әҳмийетке ийе болған бул система «Имкан» тәрбияланыўшыларының ақылый  раўажланыўына үлкен  жәрдем бермекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.