Мүнәсибет
Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына болған гезектеги хызмет сапары халқымыз, соның ишинде, көп санлы мәҳәллелеслеримизде әдеттегидей жоқары тәсирлер пайда етти.
Неге дегенде, Журтбасшымыз Республикамыздағы санаат кәрханалары, IT ҳәм социаллық тараў объектлерин көзден өткериў менен бирге, Аралбойы халқының турмысында үлкен әҳмийетке ийе бир қатар жаңа комплекслерди иске түсирди. Қарақалпақстанға киргизилиўи күтилип атырған инвестицияларды белгилеп берди.
Буған мысал етип, Саудия Арабстаны менен биргеликте Нөкис қаласында орайласқан ыссылық тәмийнаты системасын жақсылаў, Испания инвестициясының қатнасыўында Қараөзек районында қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў, германиялы инвесторлар тәрепинен Нөкис районында мысты қайта ислеў ҳәм кабеллер ислеп шығарыў жойбарларын әмелге асырыў режелестирилгенин атап өтиў орынлы.
Улыўма алғанда, 124 жойбар нәтийжесинде мәҳәлелеримизде қосымша 20 мыңнан аслам адамның бәнтлиги тәмийинленеди. Бул еле бәри емес, Президентимиз Қарақалпақстан районлары ҳәм экономикалық комплекс басшылары жыл ақырына шекем 121 мың халықты бәнт етиў кереклигин де атап өтти.
Журтбасшымыз әдеттегидей мәҳәллелерде халықтың турмысы менен танысыў мақсетинде Кегейли районындағы «Жүзимбағ» мәҳәллесинде болып, усы жерде дийқаншылық ислеп атырған жигит-қызлар менен сәўбетлести. Олардың режелери ҳәм усынысларын тыңлады.
– Сизлердиң жумыслы болғаныңызды, көзиңизде исенимди көрип, қуўандым. Өзи мениң ең үлкен мақсетим сол – халқымызды разы етиў, бахытлы көриў. Әмелге асырып атырған жумысларымыз туўры, тек оны кеңейтиўимиз керек, – деди Президент.
Ҳақыйқатында да жер менен тиллескен мәҳәлле жасларының ертеңги күнге исеними жоқары. Мәҳәлледе «Арал агро» кәрханасы тәрепинен «Жаслар жүзим бағы» шөлкемлестирилген. Онда 40 адамға орташа 25 сотихтан жер ажыратып берилген.
Қызғын пикирлесиў руўхында өткен ушырасыўда жаслардың усыныслары тийкарында аўыл хожалығы өнимлери ушын музлатқышлы қоймахана қурыў, мүтәж жигит-қызлардың тойлары ҳәм шәртнама төлемлерине жәрдем бериў бойынша көрсетпелер берди.
Бәриңизге белгили, соңғы жылларда Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Өзбекстан, соның ишинде Қарақалпақстан мәҳәллелерине айрықша дыққат қаратылмақта. Тек Қарақалпақстан мәҳәлелерин ҳәр тәреплеме раўажландырыў, халықтың абадан турмыста жасаўын тәмийинлеў бойынша арнаўлы пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилмекте.
Мине, солардың бири – өткен жылы Қарақалпақстанда Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў фонды шөлкемлестирилип, аймақтағы 452 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 миллион сумнан, жәми 226 миллиард сум қаржы ажыратылды. Нәтийжеде мәҳәлелелерде 2372 жойбар әмелге асырылды. Бүгинги күнде усы тийкарда мәҳәллелеримиздеги көплеген машқалаларға шешим табылып, халықтың коммуналлық тараў тәмийнаты жақсыланды, қыйтақ жерлерге суў жетип барды, көшелерге өзгеше шырай енип, мәҳәллелер жаңа түрге енди.
Бул еле бәри емес. Қарақалпақстан мәҳәллелериниң инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў, әсиресе, ең шетки аўыл-аймақларды еле де абаданластырыў бағдарында қосымша жумыслар да алып барылып атырғанын атап өтиў орынлы.
Мысалы, өткен жылы “Абат шаңарақ, абат көше ҳәм абат мәҳәлле” критериялары тийкарында аймақтағы усы категориядағы 6 мәҳәлледе ири көлемли қурылыс-абаданластырыў жумыслары алып барылған болса, Быйылғы жылдың ярым жыллығында және 4 мәҳәлледе усы сыяқлы қосымша қурылыс-абаданластырыў жумыслары алып барылды.
Президентимиз Кегейли районында Қарақалпақстан белсендилери менен аймақты буннан былай да раўажландырыў ўазыйпаларын додалаў пайытында Аралбойындағы климат шараятын жақсылаў бойынша да жүдә үлкен бағдарлама басланғанын атап өтти.
Итибар беретуғын болсақ, жақында тастыйықланған аўыл хожалығын климатқа бейимлестириў бағдарламасына тийкарланып, Арал бойынша климат өзгериўи ақыбетин жумсартыўға және 80 миллион доллар қаржы ажыратылады.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан халқына, және де қолайлы шараятлар жаратып бериў ушын республикалық бюджеттен жыл ақырына шекем қосымша 100 миллиард сум қаржы берилиўи де белгиленди.
Президентимиздиң басламасы менен сырт елли ҳәм жергиликли ири исбилерменлердиң қатнасыўында Қарақалпақстан Республикасында шөлкемлестирилип атырған ашық пикирлесиў илажының да мақсети, әлбетте, аймақ халқының дәрматларын арттырып, абадан турмыста жасаўына хызмет ететуғынына гүман жоқ.
Улыўма алғанда Журтбасшымыздың Қарақалпақстанға болған сапары ҳәм онда белгиленген ўазыйпалар гүллән Қарақалпақстанның, мәмлекетимиздиң тийкарғы өзеги болған мәҳәллелеримиздиң абаданлығына және де қосымша раўажланыў, ертеңги айдын келешекке және де беккем исеним пайда етти, десек асыра айтқан болмаймыз.
Биз көп санлы мәҳәлле системасы басшы-хызметкерлери менен көп санлы мәҳәлле белсендилери Қарақалпақстанда “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында әмелге асырылып атырған усы тарийхый басламаларды әмелге асырыўда, әлбетте Президентимизге қол-қанат боламыз.
С.Турманов,
Өзбекстан Мәҳәллелери ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.