Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы регионаллық оқыў орайында ушырасыў болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 10-июньдағы «Оператив-излеў ҳәм тергеў жумысында шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин және де күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының мазмун-мәниси, суд системасында енгизилип атырған жаңа өзгерислер ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы Султанмурат Давлетмуратов сөз етти.
Атап өтилгениндей, «Өзбекстан – 2030» стратегиясында белгиленген тийкарғы бағдарлардан келип шығып, судлар жумысының нәтийжелилигин арттырыў, жумысты судқа шекем алып барыўда тәреплердиң теңлиги ҳәм тартысыўы принципин әмелде тәмийинлеў, сондай-ақ, оператив-излеў ҳәм тергеў жумысында шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлери нәтийжели қорғалыўына ерисиў мақсетинде жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларында өз алдына судьялар – тергеў судьялары тәрепинен көрип шығылыўы тәртибиниң енгизилиўи ҳәм жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларда тергеў судьясы лаўазымының киргизилиўи белгиленди.
Тергеў судьяларына ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды көрип шығыў ўәкиллиги берилип, олар тәрепинен көрип шығылатуғын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы жумысларды жоқары инстанцияларда қайта көрип шығыўдың әмелдеги тәртиби сақлап қалынбақта. Сондай-ақ, тергеў судьясына 11 түрдеги санкция ҳәм мәбүрлеў илажларын қолланыў мәселесин көрип шығыў ўәкиллиги берилмекте.
Бул жынаят ислери бойынша биринши инстанция судлар судьялары арасында жумыс көлеминиң тең салмақлылығын толық тәмийинлеўге ерисилди.
Пәрманға муўапық, тергеў судьясы өз жумысын еркин әмелге асырып, тек ғана нызамға бойсыныўы ҳәм тергеў судьясына әдил судлаўды әмелге асырыў менен байланыслы болмаған ҳәр қандай ўазыйпалар жүклениўине жол қойылмайтуғынлығы белгиленди.
Ушырасыўда тыңлаўшылар тема бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға толық жуўап алды.
Даўыт Абибуллаев,
Қарақалпақстан хабар агентлиги