Жасалма тосқынлықлар дегенде ҳәрекет тезлигин азайтыўға мәжбүрлеў ушын жолдың қатнаў бөлиминде аранўлы қурылып атырған бәлентликлер түсиниледи.
Көп қабатлы жайлардың әтирапында, мәҳәллелерде, әсиресе мектеплер ҳәм балалар бақшалары жанында жасалма тосқынлықларды руқсатсыз орнатыў (бетон, асфальт ямаса пластмассадан исленген тезликти азайтыў ушын пайдалынылады) кең тарқалған. Халық пиядалар, балаларды машина урып жибериў қәўипи болған орынларда автомобильлердиң тезлигин азайтыў мақсетинде өзлери тегис жоллар үстине жасалма тосқынлықлар орнатады ҳәм қорғаныў илажларын көриўге тырысады.
Негизинде бар нызамшылыққа тийкарланып, автомобиль жолы бөлегине руқсатсыз, өзбасымшалық пенен жасалма тосқынлықлар орнатыў қадаған етиледи.
– Ташкент қаласы ИИББ ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимияты менен биргеликте пайтахттағы мәҳәллелерде мәҳәлле кесими системасында үйрениўлер алып барылмақта, – дейди Ташкент қаласы ИИББ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы Мәлимлеме хызмети басшысы Қаҳрамон Худайбергенов. – Айырым жағдайларда мәҳәлле халқы жасаў мәнзиллерин жасалма тосқынлықлар ямаса бетонлар менен жаўып таслағанына гүўа болып атырмыз. Автомобильлердиң ҳәрекетлениўи ушын мектеплер ҳәм балалар бақшаларында тезлик 30км/саат, халық турақ жайларында 20 км/ саат етип белгиленген.
Усы сыяқлы жағдайлардың алдын алыў мақсетинде жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте рейд илажлары шөлкемлестирилмекте. Бул тосқынлықлар айрықша жүз беретуғын жағдайларда, тез жәрдем машиналары ҳәм өрт өшириўши техникалардың ҳәрекетлениўине кесент беретуғынлығын умытпаў керек. Бар нызамшылыққа бола, жасайтуғын мәнзиллерде жасалма тосқынлықлар орнатыў қатаң қадаған етиледи. Буннан тысқары автомобильлерди өтиў жолларының үстине ямаса жанына қалдырыў жағдайлары да көп ушыраспақта.Усы аймақта жасайтуғынлардың ҳәрекетлениўине кесент етеди. Тоқтаў ҳәм тоқтап турыў қағыйдаларын бузыў бойынша да илажлар бар екенлигин еслетип өтпекшимен.
Ҳәзирги күнде орынларда жас балалар ҳәм пиядалар менен байланыслы жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў мақсетинде пиядалар жоллары ҳәм велосипед жоллары қурылмақта. Сондай-ақ, үш аяқлы радар қурылмаларын орнатыў жумыслары баслап жиберилген.
Мағлыўмат орнында жолларда қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде 2024-жылдың 7 айы даўамында пайтахттың көше ҳәм жолларына 2 мың 88 жаңа жол белгиси орнатылған. 900 жарамсыз жағдайға келген жол белгиси алмастырылған, 966 жол белгиси қайта тикленген. 208 светофор орнатылған, 584220.7 кв.м жолларға арнаўлы сызықлары сызылған, 29218 кв.м жолдың қатнаў бөлеги оңланған, 1 мың 84 пиядалар өтиў орны қайта тикленген.
Муҳайё Тошқороева, ӨзА