Усы жылдың 14-август күни «Факторинг хызметлери базарын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға бола, пул талапнамасынан басқа шахстың пайдасына ўаз кешиў орнына қаржыландырыў (факторинг) жумысын әмелге асырыўшы факторинг шөлкемлери шөлкемлестириледи.

Факторинг шөлкеми жумысы банк емес кредит шөлкеми сыпатында реестрге киргизиў арқалы Орайлық банкте есап дизиминен өткеннен соң әмелге асырылады.

2025-жыл 1-январдан:

төмендегилерге рухсат етиледи:

-қарыйдардың контрагенти резидентсиз болғанда факторинг операцияларын сырт ел валютасында әмелге асырыўға:

– кредит шөлкемлерине факторинг шәртнамалары бойынша сатып алынған пул талапнамаларын қайта сатыўға (рефакторинг);

пул талапнамасынан басқа шахстың пайдасына ўаз кешиў бойынша шеклеўди бузғанлығы ушын жуўапкершилик бийкар етиледи;

пул талапнамасынан ўаз кешиў ҳаққындағы хабарнамалар гиреў реестринде дизимге алынады;

Қарыздардың келисимисиз пул миннетлемесиниң валютасы ҳәм төлем әмелге асырылатуғын мәмлекет өзгертилиўи мүмкин емес.

Факторинг хызметлери электрон платформасы (Факторинг платформасы) енгизиледи.

ӨзА