Бүгин Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Халық демократиялық партиясы фракциясының мәжилиси болып өтти. Онда бир қатар мәселелер додаланды.
Атап айтқанда, «Өзбекстан-2030» стратегиясын «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның 2024-жылдың биринши ярым жыллығында орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң есабаты көрип шығылды.
Есабатта келтирилиўинше, быйылғы жылдың биринши ярымында жалпы ишки өним өсиўи өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 6,4 процентти қурады. Мәмлекетлик бюджет дәраматлары 120,9 трлн сумға жетип, 14 процентке көбейген. Депутатлар мәмлекетлик бюджеттиң орынланыўына партия бағдарламалық ўазыйпаларынан келип шыққкан ҳалда қарап, социаллық бағдарға ажыратылған қаржылар менен қызықты. Атап өтилгениндей, бул бағдарда бир қатар жумыслар әмелге асырылған. Атап айтқанда, «Жаслар дәптери»не жәми 133 мың 718 жас киргизилген болып, 75 мың 599 жасқа қәрежетлери ушын 146,3 млрд сум қаплап берилди.
Сондай-ақ, мәжилисте «Темир жол тарнспорты ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды. Нызам жойбары 9 бап, 59 статьядан ибарат болып, 17 жаңа түсиниклер киргизилмекте. Нызам жойбары менен темир жол тарнспорты тараўын тәртипке салатуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ўәкилликлери, тасыўшылардың ҳуқық ҳәм миннетлемелери белгиленбекте.
Сондай-ақ, ҳәрекеттеги темир жол қурамы ҳәм темир жолларды белгиленген тәртипте тийисли мәмлекетлик дизимнен өткериў, айрықша категориядағы жолаўшыларға темир жол транспортында жылына бир мәрте бийпул жүриў ҳуқықын белгилеў нәзерде тутылмақта.
Усы жойбардың қабыл етилиўи нызам ҳүжжетлеринде тәртипке салынбаған мәселелерди ҳуқықый жақтан тәмийинлеў, бослықларды, муўапықсызлықларды ҳәм түрлише талқылаў жағдайларын сапластырыў, тасыўшылар, исбилерменлик субъектлери, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының өз ўазыйпалары менен функцияларын орынлаўда ҳәм өз-ара қатнасықларда жуўапкершилигин арттырыўға хызмет етеди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА