Бүгинги күнде энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ең әҳмийетли мәселелерден бирине айланған. 2023-жылдың нәтийжелерине бола, ЖИОге сарыпланған энергия бойынша Өзбекстан дүньяда 11-орынды ийелеген. Бизден алдыңғы орынларда болса Саудия Арабстаны, Россия сыяқлы нефть ҳәм энергия ресурсларына бай мәмлекетлер турады.
Энергия үнемленсе, өнимлердиң баҳасы түсип, инвестициялар ағымы артатуғынын атап өтиўимиз керек.
Енди энергия сервис компанияларының жумысы беккемленбекте, нызамшылығымызға энергия менеджменти, энергия аудити сыяқлы жаңа түсиниклер киргизилмекте.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўға қаратылған нызам жойбары екинши оқылыўда көрип шығылды. Нызам жойбарында энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўдың тийкарғы принциплери менен мақсетлери белгиленбекте.
-Усы нызам жойбарында тараўда әмелге асырылыўы керек болған мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, Министрлер Кабинети, арнаўлы ўәкилликли уйымлар, энергияны үнемлеў ҳәм энергия нәтийжелилигин бақлаўшы шөлкемлердиң ўәкилликлери анық етип белгиленбекте,-деди депутат Жаҳонгир Абдурасулов. – Қурылыс ҳәм транспорт тараўында, жай ҳәм имаратларда, ыссылық тәмийнаты ҳәм коммунал хызмет көрсетиў кәрханаларында, аўыл ҳәм суў хожалығында, халық хожалығының басқа тараўларында энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған ҳуқықый нормалар киргизилмекте.
Жойбар энергия ресурслары қәрежетлерин және де оптималластырыў, тутыныў нәтийжелилигин тәмийинлеў, бул бағдарда мәмлекетлик қадағалаўды күшейтиўге, ҳәкимшилик жәриймалар ҳәм экономикалық санкцияларды қолланыў тәртибин жетилистириўге хызмет етеди.
Мәжилисте нызам жойбары статьяма-статья додаланып сораў-жуўаплардан соң нызам жойбары қабыл етилди.
ӨзА