Азия раўажланыў банки (АРБ) Қарақалпақстан Республикасындағы суў тәмийинаты ҳәм санитариялық хызметлерди жақсылаў мақсетинде 145 миллион доллар муғдарында заём ажырататуғын болды. Жойбар 388 мың адамның (олардың ярымы ҳаяллар ҳәм балалар) суў тәмийнаты және санитариялық хызметлерди қамтып алады. Бул ҳаққында Kun.uz банк баспасөз хызметиниң мағлыўматына тийкарланып хабар бермекте.

«Қарақалпақстан Республикасы ушын суў тәмийнаты шараятларын жақсылаў оғада әҳмийетли, – дейди АРБның Орайлық ҳәм Батыс Азия департаментиниң қала қурылысы бойынша бас қәнигеси мырза Хао Жанг. – Суў тәмийнаты ҳәм санитариялық системаларды модернизациялаў адамлар, атап айтқанда 178 мың ҳаял ҳәм балалардың турмыс тәризиниң сапасын арттырыў мүмкиншилигин береди, олар үзликсиз түрде орайластырылған суў тәмийнаты системасына ийе болады».

Мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирги ўақытта аймақтағы халықтың 37 проценти орайластырылған суў тәмийнаты системасынан пайдаланады, халықтың 40 проценти болса ҳәптесине 6 сааттан кем суў хызметлеринен пайдаланыў мүмкиншилигине ийе.

Бул жойбар шеңберинде үш суў тазалаўшы станцияның қурылысы, қайта тиклениўи ҳәм кеңейтилиўи; 300 километрлик суў қубырлары магистралларының қурылысы ҳәм қайта тиклениўи; 28 суў бөлистириўши орай қурылысы ҳәм реабилитациясы; 900 километрге шамалас суў бөлистириў тармағының қурылысы ҳәм қайта тиклениўи, суўдың пайдаланылыўын өлшейтуғын есаплағышлар менен тәмийинлеў жумыслары әмелге асырылады.

Жойбарды 2024-жылдың июль айына шекем әмелге асырыў режелестирилмекте. Оның улыўмалық қунлылығы Өзбекстан ҳүкиметиниң 27,3 миллион долларлық қаржыларын қосқанда 172,3 миллион долларды қурайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги