Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Сурхандәрья ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша мәжилис болып өтпекте.

Атап өтилгениндей, үш жыл алдын Сурхандәрьяда электр генерациясы тек ғана 30 мегаватт болған.

Бул бағдарда 165 миллион доллар инвестиция есабынан «Тўпаланг» ГЭСти модернизациялаў, «Зарчоб-1» ҳәм «Зарчоб-2» ГЭСлерин иске қосыў арқалы қуўатлықлар 251 мегаваттқа жеткерилди. Оларға қосымша және бир жойбар – «Зарчоб-3» ГЭС қурылысы да басланбақта.

– Бул еле басланыўы,-деди Президент. – Тўпаланг дәрьясының жоқары ағымында улыўма қуўатлылығы 265 мегаватт болған және 20 ГЭС қурыў имканияты бар.

Соның менен бирге, 1 миллионнан артық үлке халқы ушын ишимлик суўы әрман болып киятырған еди. Қаншелли қыйын болмасын, «Тўпаланг» суў сақлағышынан Термиз қаласы ҳәм 11 районға таза ишимлик суўы алып келинбекте. Бул жойбар толық иске қосылғаннан соң, 2 миллион халықта таза ишимлик суўы болады.

ӨзА