Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиӊ он алтыншы саммитинде қатнасқан Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтиӊ мәмлекетимизге сапары жуўмақланды.
Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа рәсмийлер шығарып салды.
Еки мәмлекет арасында көп тәреплемели бирге ислесиў ҳәм тереӊлескен стратегиялық шериклик избе-из раўажланып баратырғанын айрықшы атап өтиў керек. Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиӊ гезектеги саммити де басқа халықаралық илажлар бул байласыларды жаӊа басқышқа алып шығыўы сөзсиз.
Икром Аввалбоев, Носиржон Ҳайдаров(сүўрет), ӨзА