Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң он алтыншы саммитинде қатнасқан Қазақстан Республикасы Бас министри Алихан Смаилов мәмлекетимизге сапарын жуўмақлады.

Ташкент халықаралық аэропортында мийманды Өзбекстан Бас министриниң орынбасары Жамшид Ходжаев ҳәм басқа да рәсмийлер шығарып салды.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев саммитте қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген Қазақстан Республикасы Бас министри Алихан Смаиловты қабыллады. Онда қоңсы мәмлекетлер арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди.

Икром АВВАЛБОЕВ,

Носиржан ҲАЙДАРОВ (сүўрет), ӨзА