Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиӊ он алтыншы саммитинде қатнасқан Қырғыз Республикасыныӊ Президенти Садир Жапаров мәмлекетимизге сапарын жуўмақлады.
Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа рәсмийлер шығарып салды.
Еслетип өтемиз, саммит бағдарламасы шеӊберинде мәмлекетимиз басшысы бир қатар еки тәреплемели ушырасыўлар өткерди. Атап айтқанда, Президентимиз Шавкат Мирзиёев Қырғыз Республикасы жетекшиси Садир Жапаров пенен ушырасты.
Онда еки мәмлекет арасындағы дослық, жақсы қоӊсышылық ҳәм кеӊ көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды.
Икром Аввалбоев, Носиржон Ҳайдаров(сүўрет), ӨзА