Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-ноябрь күни Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң он алтыншы саммитинде қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Хусрав Нозирий, Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Анвар ул-Ҳақ Какар, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанлар менен ушырасыўлар өткерди.

ЭБШ бас хаткери Хусрав Нозирий менен ушырасыўда Бирлеспе шеңбериндеги әмелий бирге ислесиўди және де раўажландырыў, бул кәп тәреплеме структуралардың жумысының нәтийжелилигин арттырыў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў, бәринен бурын, саўда, транспорт, инвестициялар, инновациялар, экология, туризм тараўларында биргеликтеги жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыў ушын үлкен потенциал бар екенлигин атап өтти.

Бас хаткер Өзбекстан ЭБШ жумысында белсене қатнасып атырғаны, биринши мәрте Ташкентте «Бирге ислесиўде экономикалық турақлылық ҳәм раўажланыўға қарай» сүрени астында өткерилетуғын ЭБШтың гезектеги саммити жоқары дәрежеде таярланғаны ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекетимиздиң 2021-жылғы Ашхабад саммити даўамында алға қойылған басламалары избе-из әмелге асырылып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Ушырасыў ўақтында ЭБШ мәмлекетлери жетекшилериниң болажақ Ташкент мәжилисиниң күн тәртиби бойынша пикир алысылды.

Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Анвар ул-Ҳақ Какар менен ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда-экономика, инвестиция ҳәм транспорт-коммуникация тараўларында және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.


Ҳәр қыйлы дәрежелерде жедел сөйлесиў алып барылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара товар алмасыў ҳәм жүк тасыў көлеми жылдың басынан берли 40 процентке артты. Тоқымашылық, химия, фармацевтика ҳәм басқа да тармақларда кооперациялық жойбарлары әмелге асырылмақта. Жигирма биргеликтеги кәрхана шөлкемлестирилди.

2024-2025-жылларға мөлшерленген Санаат кооперациясы бағдарламасын тез ўақыт ишинде қабыл етиў, исбилерменлик байланысларын раўажландырыў ушын саўда тосқынлықларын сапластырыў ҳәм қолайлы шараятлар жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Трансаўған темир жолын қурыў жойбарын әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Регионаллық күн тәртибиндеги мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен ушырасыўда Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды.


Өз-ара саўда көлеми жеделлик пенен өсип бармақта, санаат, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм басқа да баслы бағдарларда кооперациялық жойбарлар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан жетекшилери жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Мәмлекет басшылары Орайлық Азия регионындағы ири инфраструктура жойбарларын қысқа ўақытта баслаў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.

Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен ушырасыўда Өзбекстан менен Түркия арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.


Өз-ара қарым-қатнас ҳәм алмасыўлардың жедел даўам еттирилип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыўдың көлеми, тиккелей авиақатнаўлар саны, туристлер ағымы артып бармақта.

Мәмлекетимизде Түркияның жетекшии компанияларының қатнасыўында ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Жылдың басынан берли 500 миллион доллардан артық тиккелей инвестициялар тартылды, 200 ден аслам жаңа кәрханалар шөлкемлестирилди.

Саўда, санаат, инновациялар, энергетика, транспорт, билимлендириў, мәденият, туризм ҳәм басқа да тараўлардағы биргеликтеги жойбар ҳәм бағдарламаларды жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Болажақ илажлар режеси, соның ишинде, Өзбекстан – Түркия Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң гезектеги мәжилисине таярлық көрип шығылды.

Мәмлекет басшылары регионаллық әҳмийетке ийе глобал мәселелер бойынша да пикир алысты.

ӨзА