Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми саммитинде қатнасыў ушын Ташкент қаласына келген Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов пенен ушырасыў өткерди.
Сөйлесиў алдынан Түркменстан Президенти Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәтиниң Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелери ҳәм жоқары дәрежедеги келисимлердиң орынланыўы толық көрип шығылды.
Тәреплер Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы көп қырлы бирге ислесиў ҳәм тереңлескен стратегиялық шериклик избе-из раўажланып, беккемленип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Саўда, санаат, энергетика, суў хожалығы, транспорт ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда әмелий бирге ислесиў кеңеймекте.
Аймақлараралық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланыслар жедел. Усы жылы октябрь айында Түркменстан ҳәм Өзбекстан мәденият күнлери табыслы өткерилди.
Еки мәмлекет Президентлери регионаллық күн тәртиби ҳәм көп тәреплеме структуралар шеңбериндеги бирге ислесиў мәселелерин көрип шықты.
ӨзА