Ташкент қаласында болып атырған Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми саммитиниң илажлары шеңберинде 9-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Иран Ислам Республикасы Президенти Иброҳим Раисий менен ушырасыўы болып өтти.
Өзбекстан-Иран қатнасықларын және де беккемлеў, саўда, инвестициялар, инновациялар ҳәм транспорт тараўларында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Өз-ара қарым-қатнаслардың даўам етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Еки тәреплеме саўдада өсиў пәти сақланып қалмақта, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында кооперациялық жойбарлары биргеликте әмелге асырылмақта.
Бурын жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди толық жүзеге шығарыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Санаат кооперациясы ҳәм локализациялаў, аўыл хожалығы, логистикада өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў ушын имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.
Өзбекстан ҳәм Иран басшылары мәдений-гуманитарлық ҳәм илим тараўындағы алмасыўларды раўажландырыў зәрүр екенлигин көрсетип өтти.
Сондай-ақ, регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер, соның ишинде, Аўғанстандағы ҳәзирги жағдай көзқарасынан көрип шығылды.
ӨзА