Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң саммити шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен сөйлесиў өткерди.

Мәмлекет басшылары еки мәмлекет арасындағы жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў мәселелерин додалады.

Өз-ара саўданы көбейтиў, машина қурылысы, энергетика, электротехника, тоқымашылық ҳәм басқа да тармақларда кооперация жойбарларын алға қойыў бойынша, соның ишинде, Ҳүкиметлераралық комиссияның жумысы шеңберинде муўапықласқан жумысларды даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Аймақлар арасындағы исбилерменлик байланыслары ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан жетекшилери болажақ илажлар режесин де көрип шықты.

ӨзА