Түркменстан Республикасы Президенти Сердар Бердимуҳамедов Ташкентте болып өтетуғын Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң он алтыншы саммитинде қатнасыў ушын 9-ноябрь күни мәмлекетимизге келди.

Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

Еслетип өтемиз, бул илажда Әзербайжан, Иран, Қазақстан, Қырғызстан, Пакистан, Тәжикстан ҳәм түркияның мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары қатнасады.

Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң (ЭБШ) он бесинши саммити Ашхабад қаласында болып өткен еди.

Сол ўақытта мәмлекетимиз басшысы бес жүз миллионнан аслам халық жасайтуғын, үлкен базарға ийе болған мәмлекетлеримиздиң саўда ҳәм инвестиция тараўларындағы үлкен имканиятларынан толық пайдаланыў зәрүр екенлигин айрықша атап өткен еди. Сондай-ақ, қабыл етилген «ЭБШ перспективалары – 2025» концептуаллық бағдарламасы тийкарында, мәмлекетлеримиз арасында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды және де кеңейтиў ҳәм ең әҳмийетлиси, әмелий нәтийжелиликке ерисиў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилген.

Икром АВВАЛБОЕВ,

Носиржан ҲАЙДАРОВ (сүўрет), ӨзА