Иран Ислам Республикасы Президенти Иброҳим Раисий пайтахтымызда болып өтетуғын Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң он алтыншы саммитинде қатнасыў ушын 9-ноябрь күни мәмлекетимизге келди.
Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
Кейинги жыллары жоқары дәрежедеги Өзбекстан ҳәм Иран сөйлесиўлериниң нәтийжели ҳәм әмелий руўхта өтип атырғанын мағлыўмат орнында атап өтиў керек. Өз-ара бирге ислесиўдиң ҳәр қыйлы тараўларын қамтып алған бир қатар ҳүжжет қабыл етилди.
Президент Иброҳим Раисий өткен жылы 14-сентябрьде рәсмий сапар менен мәмлекетимизге келген еди. Мәмлекетимиз басшысы болса усы жылдың 18-июнында рәсмий сапар менен Иранда болғанан еслетип өтиў орынлы.
Икром АВВАЛБОЕВ,
Носиржан ҲАЙДАРОВ (сүўрет), ӨзА