Усы жыл 7-ноябрь күни Татарстан Республикасының басшысы Рустам Минниханов басқарған делегация Қарақалпақстан Республикасына хызмет сапары менен келди.

Нөкис халықаралық аэропортында мийманларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев күтип алды.

Атап өтилгениндей. усы жылдың 5-октябрь күни Президентимиз Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясына болған рәсмий сапары даўамында Қазан қаласында Татарстан Республикасы басшысы Рустам Минниханов пенен ушырасып,  әҳмийетли бағдарлар бойынша әмелий бирге ислесиў жойбарларын биргеликтеги “Жол карта” бойынша әмелге асырыў келисип алынған еди. Усы тийкарда Татарстан Республикасы делегациясы республикамыздағы бир қатар өндирис орынларында болып, өз-ара биге ислесиў бойынша сөйлесиўлер алып барды.

Мийманлар дәслеп Нөкис қаласындағы «Prime electric engineering» кәрханасына болды. Бул жерде бир нешше түрдеги турмыслық техникалары ислеп шығарылмақта. Татарстан Республикасы басшысы Рустам Минниханов бул жердеги жумыс процеси, жумысшыларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.







Кейинги мәнзил «Akfa assembly» пластик айна ҳәм есиклерди ислеп шығарыўшы кәрхана болды. Бул кәрхана ислеп шығарылған өнимлер шет мәмлекетлерге экспортқа шығарылып атырғаны менен әҳмийетли. Оның ашылыўы нәтийжесинде 200ден аслам жаңа жумыс орны жаратылды. Кәрханада ислеп шығарылып атырған есик ҳәм айна өнимлери, олардың дизайны менен жоқары дәрежедеги сапасы мийманларда қызығыўшылық оятты.

Буннан кейин мийманлар бүгинги күнде бос турған ески Аймақлық пахта терминалы менен Агротехника кәрханасын барып көрди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы ҳәм Татарстан Республикасы басшысы бул еки орында жаңа кәрханаларды иске қосыў арқалы биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, жаӊа өнимлер экспортын жолға қойыў ҳәм бир қанша тараўларды раўажландырыў бойынша келисип алынды.






Делегацияның гезектеги мәнзили И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейи болды. «Саҳрадағы лувр», «Шығыс гәўхары» деп аталатуғын бул музейдеги дүрдана шығармалар пүткил дүнья итибарын тартып келмекте. Татарстан Республикасы басшысы музейде сақланып атырған бийбаха экспонатлар менен танысар екен, бул жерге туристлер ағымын еледе күшейтиў бойынша бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирди.







Сапар даўамында делегация ағзалары республикамызда ислеп шығарылып атырған өнимлер көргизбеси мененде танысты. Онда жоқары технологиялар жәрдеминде ислеп шығарылып атырған өнимлерден баслап қол мийнети, халық әмелий көркем өнери, елимизде жетистирилген аўыл хожалығы өнимлери де орын алды.







Мийманлар қарақалпақ халқының миллийлиги, үрп-әдетлери менен қызықты. Нөкис қаласында шөлкемлестирилген қарақалпақ миллий аўылында қарақалпақ халқының миллий дәстүрлери, қол өнерментшили үлгилери, мәденияты менен танысты. Әсиресе миллий тағамларымыз мийманларда айрықша қызығыўшылық оятты.







Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Татарстан Республикасы арасында көп тармақлы бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша сөйлесиў болып өтти. Онда бар  мүмкиншиликлеринен пайдаланған ҳалда жаңа өндирис ҳәм қайта ислеў кәрханалары жумысларын жолға қойыў, жаңа жойбарлардың иске түсирилиўи нәтийжесинде жумыс орынларын жаратыў мәселелери талқыланды. Соның менен бирге билимлендириў, тоқымашылық санааты, аўыл хожалығы өнимлери айланысын күшейтиў, саўда-экономика, экспорт ҳәм импорт салаларында узақ мүддетли бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.





Усы күнниң өзинде Татарстан Республикасы басшысы Рустам Минниханов басқарған делегация республикамыздан жөнеп кетти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги