Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы  Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев Нөкис қаласы «Наўқан бағ» аўыл пуқаралар жыйынында болып, аймақта «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Онда Ф.Эрманов Мәҳәлле беслиги ҳәм белсендилер менен сәўбетлесип, жаратылып атырған бағ әтирапын буннан былайда абаданластырыў бойынша режелер менен қызықсынды.

Атап өтилгениндей, темир жол линиясы жанындағы 2,2 км аралықтағы бул жер алдын қараўсыз жатырған бос жер болып, көрген көзге оғада унамсыз тәсир ететуғын еди. Ал, бүгин болса бул майданлар абаданластырылып, аймақ турғынларын өзине тартпақта.


Министрлер Кеңесиниң Баслығы бул ушын аймақ белсендилерине өзиниң миннетдаршылығын билдирип, әтирапты абаданластырыў, нәл егиў жумысларына тийисли шөлкемлер тәрепинен зәрүрли көмеклер берилетуғынын атап өтти ҳәм жақсы нийетлер менен жаратылып атырған бул жаңа бағқа Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев пенен биргеликте мийўе нәллерин екти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы