Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласының Чиланзар районындағы «Оқтепа» ҳәм «Боғзор» мәҳәлле пуқаралар жыйынына барған ўақтында «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары шеңберинде гүзги терек нәллерин егиў мәўсимин рәсмий баслап берди.

Мағлыўмат ушын, елимизде «Жасыл мәкан» улыўма миллий ҳәрекети басланғанына 2 жыл болды. Усы дәўирде 1200 гектардан аслам жап-жасыл бағ ҳәм дем алыў парклери, көше ҳәм коридорлар бойлап 1 миллион гектардан аслам жасыл майдан қурылды. Усы жылдың гүзги терек егиў мәўсими 25-октябрьден 1-декабрьге шекем даўам етеди.

Президентимиздиң басламасы менен нәллерди отырғызыў, жасыл майданларды көбейтиў үлкен ҳәрекетке айланбақта. Усы жылдың гүзинде 85 миллион түп нәл егиў режелестирилген. Тоғай хожалығы агентлиги тәрепинен ҳәр бир мәҳәллеге 200 түптен нәл бийпул жеткерип бериледи. Сондай-ақ, 15-октябрьден баслап барлық район ҳәм мәҳәллелерде нәллер ярмаркалары өткерилмекте.



Еслетип өтемиз, жақында Франция Президентиниң Өзбекстанға рәсмий сапары ўақтында еки мәмлекет басшылары – Шавкат Мирзиёев ҳәм Эммануэль Макрон жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерден кейин биргеликте терек нәлин отырғызған еди.

Терек егиў дәстүри бүгинги күнде ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып есапланады. Мәмлекетимизде халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт ел делегацияларының қатнасыўында өткерилип атырған көпшилик илажлар дәстүрий  тәризде нәл отырғызыў менен жуўмақланып атырғанын экологиялық мәдениятты арттырыўға тиккелей хызмет етпекте.

Арнасай районында алып барылып атырған жумыслар нәтийжесинде келип атызлар әтирапы, салмалар ҳәм магистраль жоллар, 13 мәҳәлле пуқаралар жыйынында аймақтың климат шараятына сәйкес 12 мың 300 түп терек нәллери отырғызылды.

Мойнақ районында ҳәзирги ўақытта 4 мың түп сексеўил нәли отырғызылмақта. Процесс жедел даўам етпекте.

Буннан тысқары, республикамыздың барлық аймақларында «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде «Әҳмийетли 40 күнлик» акциясы өткерилмекте. Пүткил гүзги терек егиў дәўиринде ўәлаятлық ҳәм районлық экология басқармаларының қәнигелери тәрепинен ҳәр бир аймақта терек нәллерин егиў ҳәм тәрбиялаў бойынша халыққа зәрүр усыныслар бериў бойынша түсиндириў жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги