Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Астана қаласында болып өткен Түркий мәмлекетлер шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасты.

Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың басшылығында өткен илажда Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Венгрияның Бас министри Виктор Орбан, Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәтиниң Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов, сондай-ақ, ТМШ бас хаткери Кубаничбек Омуралиев та қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, ТМШ шеңбериндеги көп қырлы қатнасықлардың бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары бойынша пикир алысылды, әмелий бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Өзбекстан Президенти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бүгин жедел пәт пенен өзгерип атырған заманда тили, дини ҳәм руўхый қәдириятлары бир-бирине үнлес байланысқа түркий халықлардың ҳаўазы дүнья жүзи бойлап және де бәлент, және де күшлирек жаңлап атырғанын атап өтти. Шөлкем бүгинги күнде қәлиплесип атырған жаңа дүнья пропогандасы ҳәм халықаралық институтлар системасында өзине тән айрықша әҳмийетке ийе болып бармақта.

Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысы глобаллық қәўипсизликти тәмийинлеўде жаңа машқалалар жүзеге келип атырғаны, халықаралық ҳуқық нормаларынан шегиниў жағдайлары көбейип атырғанын көрсетип өтти.

Палестина – Израиль апатшылығы соңғы ўақытлары қәўипли түс алғанлығы айрықша қәўетерге салып атырғаны атап өтилди. Қураллы соқлығысыўлар ақыбетинде тыныш халық, әсиресе кекселер, ҳаял-қызлар ҳәм балалар арасында қурбанлар ҳәм жарақат алғанлардың саны кескин артып, келиспеўшиликтиң кеңнен жайылып кетиў қәўипи күшеймекте.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан жетекшиси тәреплерди жеделлик пенен әскерий ҳәрекетлерди сапластырып, оқ атыўды тоқтатыўға, гуманитарлық мақсетлерде келисиўге шақырды. Палестина – Израил машқаласын БМШ резолюцияларына муўапық «еки халық ушын еки мәмлекет» принципи тийкарында шешиў зәрүр екени бағдарында Өзбекстанның позициясы исенимли екени билдирилди.

Өзбекстанның ТМШ мәмлекетлери менен бирге ислесиўи ҳаққында сөз жүргизип, мәмлекетимиз басшысы елимиз Шөлкемниң барлық ағзалары менен стратегиялық шериклик байланысларын орнатыў үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Өткен жылы Самарқанд саммитинде қол қойылған әҳмийетли ҳүжжетлер избе-из орынланбақта.

Шөлкемге ағза мәмлекетлер арасындағы көп тәреплеме ҳәм узақ мүддетли байланысларды және де кеңейтиў мақсетинде Өзбекстан Президенти бир қатар усыныс ҳәм басламаларды алға қойды.

Атап айтқанда, Түркий халықлар бирлигин, олардың уллы өтмиши ҳәм бай мәдениятын, әзелий қәдириятларды сәўлелендиретуғын Түркий дүнья картасын ислеп шығыў усыныс етти.

Санаат кооперациясын күшейтиў ҳәм ири қоспа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мақсетинде Түркий раўажланыў банкин шөлкемлестириў жумысларын жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилип, бул финанс мәкемесин Ташкент қаласында жайластырыў усынысы билдирилди.

Түркий мәмлекетлер саўда бирге ислесиў изертлеў орайын шөлкемлестириў бойынша басланған әмелий жумысларды толық мақуллап, Өзбекстан Президенти орай имканиятларынан саўда тосқынлықларын сапластырыў, экспорт-импорт көлемин көбейтиў бойынша жаңа механизмлерди кеңнен енгизиў, электрон саўда платформаларын раўажландырыўда үнемли пайдаланыў зәрүр екенлигине итибар қаратты.

Глобаллық логистика шынжырлары ҳәм транспорт коридорларын раўажландырыў, диверсификациялаў, бирден-бир транзит тармағын қәлиплестириў мәселелери әҳмийетли екени атап өтилди. Усы мәнисте, мәмлекетимиз басшысы Орта коридор потенциалын кеңейтиў, қосымша көп тармақлы бағдарларды, соның ишинде, Қытай, Қубла Азия ҳәм Европа базарларына мәмлекетлеримиз арқалы өтетуғын коридорларды раўажландырыў ҳәм транспорт хызметлерин санластырыў илажларын қоллап-қуўатлады.

Шөлкемниң Темир жол уйымлары кеңесин шөлкемлестириў ҳәм бул структураның дирекциясын Өзбекстанда жайластырыў усыныс етилди.

Экология тараўында бирге ислесиўди беккемлеў мақсетинде министрлер дәрежесинде турақлы жумыс көрсететуғын Түркий экология форумын дүзиў басламасы алға қойылды.

Өзбекстан жетекшиси дөретиўши пикирлейтуғын, қәбилетли ҳәм жигерли жаслар келешегинде түркий дүньяның жаңа Ренессансын қурыўға исеним билдирди. Жаңалыққа умтылып жасайтуғын, интакер ул-қызларды хошаметлеў ушын Өзбекстанда Түркий дүнья креатив жаслар орайын ашыў усыныс етилди.

Жадид бабаларымыздың илимий-дөретиўшилик мийрасын терең үйрениў әҳмийетли екенин атап өтип, Өзбекстан Президенти ТМШ мәмлекетлери ўәкиллерин усы жылдың декабрь айында елимизде болып өтетуғын «Жадидлер: миллий өзлик, ғәрезсизлик ҳәм мәмлекетшилик идеялары» атамасындағы халықаралық конференцияда белсене қатнасыўға мирәт етти.

Сөзин жуўмақлап, Өзбекстан басшысы қатнасыўшылардың итибарын мың жыллар даўамында тарийхы ҳәм тәғдири түркий халықлар менен үнлес байланыслы болған көпмиллетли жапакеш Аўғанстан халқына қаратты.

Мәмлекетимиз жетекшиси аўған халқына инсаныйлық жәрдем көрсетиўди төменлетпеў, бул елдеги өткир социаллық машқалаларды шешиўге қаратылған анық механизмлерди ислеп шығыўға шақырды.

Мәжилисте Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия, Венгрия, Түркменстан делегацияларының басшылары, шөлкемниң бас хаткери де шығып сөйледи.

Саммит жуўмағында ТМШ шеңбериндеги бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша бир қатар келисим ҳәм қарарлар қабыл етилди.

Шөлкемге басшылық Қазақстан Республикасына өтти.

Түркий мәмлекетлер шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилиси шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа түркий халықлар шаңарағының бирлигин беккемлеўге, түркий мәмлекетлердиң мәплери ҳәм көзқарасларын халықаралық майданда жедел алға қойыўға қосқан үлкен үлеси ушын жоқары сыйлық – «Түркий дүньяның жоқары ордени»н салтанатлы тапсырыў мәресими болып өтти.

Илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Венгрияның Бас министри Виктор Орбан, Түркмен халқының миллий жетекшиси Түркменстан Халық Мәсләҳәтиниң Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов қатнасты.

Шөлкем мәмлекетлериниң басшылары атынан сыйлықты Қазақстан Президенти тапсырды.

– Бул сыйлықты мен биринши гезекте ҳақыйқый дослық байланыслары тийкарында жаңадан раўажланып атырған жақын дослығымыз ҳәм бирге ислесиўимиздиң тымсалы, деп билемен, – деди мәресимде мәмлекетимиз басшысы, кәсиплеслерине миннетдаршылық билдирип.

Соңғы дәўирде Түркий дүньяның абырайы ҳәм потенциалы ҳәр қашанғыдан да көбирек артып атырғаны айрықша атап өтилди. Өзбекстан 2019-жылы ТМШға ағза болып киргенинен берли мәмлекетимиз тәрепинен түркий мәмлекетлер арасында дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған 50 ден аслам усыныс ҳәм басламалар алға қойылды.

Мәмлекетимиздиң шөлкемге басшылығы дәўиринде 100 ден аслам ҳәр қыйлы илажлар өткерилди, әмелий бирге ислесиўдиң жаңа нәтийжели механизмлери жаратылды, абырайлы ҳәм регионаллық структуралар менен жақын шериклик байланыслары жолға қойылды.

Шөлкемге ағза барлық мәмлекетлер менен көп қырлы ҳәм өз-ара пайдалы байланыслар избе-из кеңеймекте, стратегиялық шериклик қатнасықлары орнатылды, саўда көлемлери артпақта, кооперация күшеймекте.

– Бәршемиздиң арзыў-нийетлеримиз ҳәм мақсетлеримиз, умтылыс ҳәм ҳәрекетлеримиз үнлес болып есапланады. Әзелден дос ҳәм туўысқан болған түркий халықларымыз буннан былай да татыў ҳәм аўызбиршиликли болып, жарқын келешекти биргеликте қурады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қазақстанға әмелий сапары жуўмақланды.

ӨзА