Ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич!
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Бәринен бурын, сиз, әзизлер менен және дийдар көрисип турғанымнан оғада қуўанышлыман.
Бүгинги саммитти жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын Қазақстан Республикасы Президенти, ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевқа терең миннетдаршылық билдиремен.
Сөзимди уллы бабамыз-әййемги түрк мәмлекетиниң тийкарын салыўшылардан бири Билге Қағанның төмендеги шақырығы менен басламақшыман: «Эй, түркий елим, өзлигиңе қайт, өзиңди аңла-және де раўажланасаң!»
Бул ибратлы сөзлер ҳәзирги қыйын-қыстаўлы заманда – Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң өз жумысын күн сайын жетилистирип атырған бир дәўирде әлбетте, терең мәниге ийе. Тили, дини ҳәм жүреклери бир-бирине тығыз байланысқан туўысқан халықларымыз ҳаўазы буннан былай дүнья бойлап және де бәлент, және де күшлирек жаңламақта.
Пурсаттан пайдаланып, дос Қазақстан елин жақында кеңнен белгиленген мәмлекет миллий байрамы – Республика күни мүнәсибети менен шын кеўлимнен қутлықлайман.
Сондай-ақ, Түркия Президенти, туўысқаным Уллы мәртебели мырза Режеп Таййип Эрдоғанды ҳәм пүткил түрк халқын Республика жәрияланған күнниң қутлы 100 жыллық салтанатлары менен қызғын қутлықлайман.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Бәршеңиз жақсы билесиз, түркий дүньяда дос Әзербайжан халқы өзиниң мүнәсип орны ҳәм үлкен абырайына ийе. Соңғы жыллары Әзербайжан халқы қәдирли достым Илҳам Гейдаровичтиң жетекшилигинде таң қаларлық жетискенликлерге ериспекте.
Тарийхый әдилликке ерисип, мәмлекеттиң ажыралмас бөлеги болған Қарабағ аймағын дөретиўшилик мәканына айландырыў бағдарында үлкен нәтийжелерге ерисилмекте.
Мен август айында Шуша ҳәм Физулий қалаларында болып, кең көлемли өзгерислерге, заманагөй инфраструктура қурылып атырғаны, ўайран болған мәдений мийрас объектлериниң қайтадан тикленип атырғанының жеке өзим гүўасы болдым.
Әзербайжан халқын уллы жеңис – мәмлекеттиң аймақлық пүтинлиги толық тикленгени менен және бир мәрте шын жүректен қызғын қутлықлайман.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Түркий мәмлекетлер шөлкеми ҳәзирги күнде қәлиплесип атырған жаңа дүнья тәртиби ҳәм халықаралық институтлар системасында өзине тән әҳмийетли орынға ийе болып бармақта. 160 миллион халықты қамтып алған Шөлкемимиз аймағы үлкен экономикалық имканиятлар мәканы да болып есапланады.
Бизиң мәмлекетимиз Шөлкемниң барлық ағзалары менен стратегиялық шериклик байланыслары орнатқанын үлкен қанаатланыўшылық пенен айтып өтпекшимен.
Өткен жылы «Түркий цивилизацияның жаңа дәўири: улыўма раўажланыў ҳәм абаданлыққа қарай» сүрени астында болған Самарқанд саммитинде қол қойылған ҳүжжетлер турмысқа избе-из енгизилмекте.
Өзбекстанның басшылығы дәўиринде жүзден артық илажлар өткерилди, әҳмийетли басламалар алға қойылды. «Түркий нәзер – 2040» концептуаллық бағдарламасы тийкарында әмелий бирге ислесиўдиң жаңа ҳәм және де нәтийжели механизмлери жаратылды. Соның ишинде, Түркий мәмлекетлер Кәсиплик аўқамлары шөлкеми, Аспан изертлеўлер академиясы, Географиялық кеңес, Қурғақшылықты сапластырыў институты, Нотариал уйымлар аўқамы сыяқлы жаңа структуралар жумыс баслады. Бир қатар глобаллық ҳәм регионаллық структуралар – Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм оның ҳәр қыйлы қәнигелескен институтлары, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңес, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми менен тығыз шериклик байланыслары орнатылды.
Глобал экономикалық кризис күшейип баратырғанына қарамастан, алып барып атырған системалы жумысларымыз нәтийжесинде өз-ара саўда көлеми өспекте.
Өзбекстанның басшылығы дәўиринде бизге белсене жәрдем көрсеткен барлық мәмлекетлерге ҳәм Шөлкем секретариатына және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен.
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Бүгинги күнде дүнья көлеминде исеним кризиси күн сайын ҳәўиж алмақта. Глобал қәўипсизликти тәмийинлеўде жаңа машқалалар пайда болмақта ҳәм халықаралық ҳуқық нормаларынан шегиниў жағдайлары күшейгенлигиниң ҳәммемиз гүўасы болып атырмыз.
Әсиресе, Жақын Шығыста узақ ўақыттан берли даўам етип атырған Палестин-Израил машқаласының оғада қәўипли түс алғаны бәршемизди айрықша қәўетерге салмақта. Қураллы соқлығысыўда тыныш халық, әсиресе, кекселер, ҳаял-қызлар ҳәм балалар арасында қурбанлар ҳәм жарақатланғанлар саны кескин артып, тартыстың кең жайылып кетиў қәўпи күшеймекте.
Усы мүнәсибет пенен тәреплерди жеделлик пенен әскерий ҳәрекетлерди сапластырып, оқ атыўды тоқтатыўға, гуманитарлық мақсетлерде келисиўге шақырамыз.
Усы машқаланың бирден-бир ҳәм ең әдил шешими- тартысты «еки халық ушын еки мәмлекет» принципи тийкарында шешиў болып табылады.
Палестин халқы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң резолюцияларында белгиленгениндей, еркин мәмлекет қурыў ҳуқықына ийе. Биз Шөлкемимиз шеңберинде бул бағдардағы бирдей ҳәм исенимли позициямызды пүткил дүньяға жәриялаўымыз зәрүр.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
«Түркий мәмлекет» сүрени астында өтип атырған ҳәзирги саммитимизде көп тәреплеме ҳәм узақ мүддетли байланысларымызды және де кеңейтиўге қаратылған төмендеги усынысларды алға қоймақшыман.
Бириншинден, Шөлкем шеңберинде өз-ара ҳүрмет, исеним ҳәм ашық-айдынлық принциплерин беккемлеў, биргеликте ҳәр қыйлы тосқынлықларды нәтийжели шешиў бас мақсетимиз болып есапланады.
Усы мүнәсибет пенен Түркий халықлар аўызбиршилигин, олардың уллы өтмиши ҳәм бай мәдениятын, әзелий қәдириятларын билдиретуғын «Түркий дүнья хартиясы»н ислеп шығыў зәрүр, деп есаплайман. Бул өзине тән символикалық нызамды тараўдың жетик илимпазлары ҳәм экспертлердиң қатнасыўында таярлаўды усыныс етемен.
Екиншиден, усы күнлерде Түркий инвестиция фонды өз жумысын баслайды. Мәмлекетлеримиз арасында санаат кооперациясын күшейтиў ҳәм ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мақсетинде кейинги басқышта Түркий раўажланыў банкин шөлкемлестириў жумысларын да жеделлестириўимиз керек. Бул қаржы мәкемесин Ташкент қаласында жайластырыўға таярмыз.
Үшиншиден, Түркий мәмлекетлер саўда бирге ислесиўи изертлеў орайын шөлкемлестириў бойынша басланған әмелий жумысларды толық мақуллаймыз. Келешекте Орайдың имканиятларынан үнемли пайдаланған ҳалда, биргеликте саўда тосықларын сапластырыў, экспорт-импорт көлемин көбейтиў бойынша жаңа механизмлерди кеңнен енгизиў, электрон саўда платформаларын раўажландырыўға қаратылған анық илажларды әмелге асырыўымыз зәрүр.
Төртиншиден, глобал логистика шынжырлары ҳәм транспорт коридорларын раўажландырыў ҳәм диверсификациялаў, бирден-бир транзит тармағын қәлиплестириў мәселелери үлкен әҳмийетке ийе.
Жүк тасыўларына өсип баратырған талапты қанаатландырыў мақсетинде Орта коридор потенциалын кеңейтиў илажларын қоллап-қуўатлаймыз. Сондай-ақ, қосымша көп тармақлы бағдарларды, соның ишинде, Қытай, Қубла Азия ҳәм Европа базарларына мәмлекетлеримиз арқалы өтетуғын коридорларды раўажландырыў ҳәм транспорт хызметлерин санластырыў тәрепдарымыз.
Мәмлекетлеримиз Темир жол уйымлары кеңесин шөлкемлестириўди ҳәм бул структураның дирекциясын елимизде жайластырыўды усыныс етемиз.
Бесиншиден, экология тараўында кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдармыз.
Әййемнен ата-бабаларымыз ана тәбият пенен сәйкес ҳәм үнлес болып жасаған. Тилекке қарсы, ҳәзирги күнде тәбиятқа тутыныўшылық кейпияты күшейип бармақта. Климат өзгериўлери себепли пайда болып атырған ҳәр қыйлы машқалалардан пүткил инсаният қатты азап шекпекте. Бундай жағдай бәршемизден кешиктирип болмайтуғын илажларды әмелге асырыўды талап етпекте.
Министрлер дәрежесинде турақлы жумыс алып баратуғын Түркий экология форумының дүзилиси бул жолды әҳмийетли болатуғыны сөзсиз. Бундай тәсиршең механизм Шөлкемимиз жумысының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған режелеримиз сәйкес болып есапланалы.
Алтыншыдан, түркий цивилизацияны жоқарылатыў идеясы технологиялық раўажланыў ҳәм алдңғы билимлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў менен тиккелей байланыслы болып есапланады.
Дөретиўшилик пенен пикирлейтуғын талантлы ҳәм күш-ғайратлы жасларымыз келешекте түркий дүньяның жаңа Ренессансын қурыўына исенемен. Бул жолда оларға уллы ата-бабаларымыз жаратқан илимий ойлап табылыўлар ҳәм руўхый мийрас беккем тийкар болып хызмет етеди.
Өткен әсирде жасаған жадид бабаларымыздың ибратлы жумысы, илимий-дөретиўшилик мийрасын терең үйрениў бойынша ағза мәмлекетлерде үлкен жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтиў орынлы.
Мине, усы жумысларды жаңа басқышқа көтериў мақсетинде усы жылдың декабрь айында елимизде болып өтетуғын «Жадидлер: миллий өзлик, ғәрезсизлик ҳәм мәмлекетшилик идеялары» темасындағы халықаралық әнжуманда ўәкиллериңизди белсене қатнасыўға усыныс етемиз.
Соның менен бирге, жаңалыққа умтылып жасайтуғын, интакер ул-қызларды хошаметлеў ушын Өзбекстанда Түркий дүнья креатив жаслары орайын ашыўды мақсетке муўапық, деп есаплайман.
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Мың жыллары даўамында тарийхы ҳәм тәғдири түркий халықлар менен тығыз байланыслы болған көп миллетли Аўғанстан жеринде тынышлық ҳәм татыўлық орнатыў регионымызда стратегиялық турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўдиң тийкарғы шәрти болып есапланады. Бирақ дүньяның басқа да ноқатларында тартыс ҳәм урыслар ҳәўиж алып атырған ҳәзирги шараятта бул машқала халықаралық жәмийетшилик итибарынан барған сайын шетте қалмақта.
Аўған халқына гуманитарлық жәрдем көрсетиўди тоқтатпаў, бул елдеги өткир социаллық машқалаларды шешиўге қаратылған анық механизмлерди ислеп шығыўға шақырамыз.
Бизге регионаллық шериклик ҳәм барлық қоңсылары менен экономикалық бирге ислесиў процесслеринде белсене қатнасатуғын, тыныш ҳәм турақлы Аўғанстан керек.
Биз алға қойып атырған Трансаўған темир жолын қурыў басламасы мине, усы ийгиликли мақсетке хызмет етеди.
Өзбекстан Аўған халқына буннан былай да зәрүр жәрдемди берип барады. Термиздеги логистика хабы арқалы гуманитарлық жәрдем көрсетиўди, билимлендириў орайында болса аўған пуқараларын оқытыўды жедел даўам еттиремиз.
Қәдирли дослар!
Пурсаттан пайдаланып, Мәмлекет басшылары кеңесинде басшылықты қабыллап алып атырған Қазақстан Республикасы Президенти ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевқа үлкен табыслар тилеймен.
Бүгин қабыл етилип атырған әҳмийетли ҳүжжетлер ҳәм қарарлар, соның ишинде, саммит декларациясы ҳәм Астана акти мәмлекетлеримиздиң айдын келешекке гезектеги исенимли қәдемлери болатуғынына исенемен.
Өз тарийхы даўамында көп-көп сынақларды басынан өткерген ҳәм оларға биргеликте шешим тапқан туўысқан халықларымыз келешекте де уллы жумысларды әмелге асыратуғыны сөзсиз.
Итибарыңыз ушын рахмет.